Get Mystery Box with random crypto!

Geografiya tapsirmalar

Telegram kanalining logotibi geograffak_qmu — Geografiya tapsirmalar G
Telegram kanalining logotibi geograffak_qmu — Geografiya tapsirmalar
Kanal manzili: @geograffak_qmu
Toifalar: Telegram
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 14
Kanalning ta’rifi

Ta'lim, fan hullas yangiliklar kanali

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-12-30 20:46:47
22 viewsBekzod Tairov, 17:46
Ochish/sharhlash
2022-12-23 14:29:52 Ҳүрметли декан орынбасарлары,

Узақ аймақлардан келип университетте тәлим алып атырған студент-жаслардың Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен ѳз үйлерине қайтқанлығы ҳаққында мағлыўматларды силтемедеги кестеге ҳәр күни киритип барыўыңызды сораймыз.

Кестедеги статистикалардың ҳақыйқатлығына факультеттиң Жаслар мәселеси бойынша декан орынбасарлары жуўапкер есапланады.

ЕСЛЕТПЕ: Кесте дем алысқа рухсат берилген сәнеден баслап толтырылады. Файлдағы кестени толтырыўда факультетлериңиздиң қатарындағы ўәлаятлар ҳәм районлар кесиминде сары реңдеги орынларға цифрлар яғный, ѳз мәнзилине қайтқан студентлердиң саны киритиледи.

https://docs.google.com/spreadsheets/d/1lIHxvtZdtKocMqEl-nMwhhc-67ZeLEd1-lmpfVc75v8/edit#gid=190594639
42 viewsBekzod Tairov, 11:29
Ochish/sharhlash
2022-12-23 14:29:24 Усы кестени толтырыу керек кундегисин кунде, будан тыскары жане 1 файл бар оныда уйине кайтканлар бойынша хар бир тьютор хам куратор толтырыуы керек кунделикли таризде
31 viewsBekzod Tairov, 11:29
Ochish/sharhlash
2022-12-23 14:28:02 Тайын 2022/2023

https://docs.google.com/spreadsheets/d/1aNyTTUbTvVy-bgEtsG25hVnfSFngiOja7m4MG2mJjnE/edit?usp=sharing
36 viewsBekzod Tairov, 11:28
Ochish/sharhlash
2022-12-23 14:28:02 Ассалаўма әлейкум кәсиплеслер,

Студент-жаслардың Жаңа жыл байрам мүнәсибети менен ѳз мәнзиллерине қәўипсиз жетип барыўын тәмийинлеў бойынша Google Excell файлда жиберилген кестени толтырып бериўиңизди сораймыз.

Жигитлер мәселе серёзно, сорап турған органлар бар.
25 viewsBekzod Tairov, 11:28
Ochish/sharhlash
2022-12-15 09:48:43 Ассалаўма әлейкум,
Ҳүрметли кәсиплеслер,

Факультетлердеги студент-жаслардың арасындағы жынаятшылықтың алдын алыў бойынша үгит-нәсият топарының ағзалары ҳәм факультетлерде ѳткерилетуғын семинарлардың графиги жиберилмекте.

Топар басшылары менен сѳйлесип, семинарларды жоқары дәрежеде ѳткериўге басшылық етиўиңизди сораймыз.

Семинарлар 15-21 декабрь күнлери аралығында график бойынша ҳәр бир факультетте 2 сеанста ѳткериледи.
43 viewsBekzod Tairov, 06:48
Ochish/sharhlash
2022-12-14 10:16:53 joqaridagi spisoktaǵi studentlerge xoshametlew fondi esabinan jardem pullari tusirip berilgen. Sorap kóriń xammesi aldimeken.
41 viewsBekzod Tairov, 07:16
Ochish/sharhlash
2022-12-04 06:12:55 Ҳүрметли кәсиплеслер,

Усы жылдың 1-ноябрь күни ҚҚР Ишки ислер министри Б.Тѳребеков университеттиң студент-жаслары ҳәм де тьюторлары менен ушырасыў ѳткерген еди.
Ушырасыўда студентлер тәрепинен министрге Қарақалпақстандағы дыққатқа ылайықлы естеликлер ҳәм де зыярат орынларына саяхатлар шѳлкемлестирип бериўде әмелий жәрдем сорап, усыныслар билдирилди.
Жоқарыдағы мәселени министрдиң қоллап-қуўатлаўы менен усы жылдың 10-декабрь сәнесинде “Кеширмес баба” ҳәм “Султан Ўайс” зыярат орынларына ҳәм де “Қаратаў” менен “Шылпық” тарийхый естеликлерине саяхат шѳлкемлестириў режелестирилмекте.
Усы мүнәсибет пенен қосымшадағы файлдағы үлги тийкарында усы жылдың 7-декабрь сәнесине шекем дизимди қәлиплестириўиңизди ҳәм университеттиң руўхыйлық бѳлимине жеткерип бериўиңизди сораймыз.

Еслетпе: Саяхат бир күн (10.12.2022ж (шемби)) даўам етеди. Министрлик тәрепинен 2 автобус пенен тәмийинлеў белгиленген. Университет бойынша жәми 100 адам қатнасыўы режелестирилмекте. Саяхатшылар ҳәр бир факультеттен 6 адамнан асып кетпеўи тийис. Олар 1 тьютор, 1 нәгиран студент, 1 белсенди студент, 1 кем тәмийинленген (Темир, Ҳаллар, Жаслар, Меҳир дәптерине кирген шаңарақ перзентлери) ҳәм де 2 ўәлаяттан келип оқып атырған студентлер болыўына итибар қаратыўыңызды усыныс етемиз.

Саяхатшылар ҳаўа райына қарап кийинип шығыўына, ѳзлерине керекли болған дәри-дәрманларын, азық-аўқатлық ѳнимлерин ҳәм де ишимлик суўларын ѳзлери менен алып шығыўын еслетиўиңизди сораймыз.

Хабарды алғанлар белгисин қалдырың!
52 viewsBekzod Tairov, 03:12
Ochish/sharhlash
2022-11-25 13:29:19 Хурметли кураторлар хам тьюторлар!!! Жас тамашагойлер театрына График (оз-ара келисим) бойынша География хам табийий ресурслар факультети студентлери (хар бир тьютор 30 студенттен, кураторлар 5 студенттен) саат 14:30 да барыуымыз керек. Билетлер бугин кешке таркатылады. билет бахасы косымша айтылады. Студентлеринизди 1-кунге таярлан. хабарды алганлар ОК белгисин калдырын. Бул илаж Руухыйлык хаптелиги шенберинде хар айдын ахыргы хаптесинде откерилиуи РЕЖЕнизде бар, солай екен немкурайлык пенен караман. Алдын барган студентлерди дежурный кылып кайта кайта алып бара бермен, студентлерди толык камтып алыуымыз керек.
97 viewsBekzod Tairov, edited  10:29
Ochish/sharhlash
2022-11-25 13:23:54 Графикке қайта ѳзгерис киритилди.
13 viewsBekzod Tairov, 10:23
Ochish/sharhlash