Get Mystery Box with random crypto!

Спорттағы келисилген ойынларға қандай жаза бар? 'Sportradar | Удален

Спорттағы келисилген ойынларға қандай жаза бар?

"Sportradar Integrity Sevices" халықаралық шөлкеминиң анализлерине көре, 2021 жыл даўамында 76 мәмлекетте 10 спорт түри бойынша 903 гүмәнлы (келисилген) ойынлар өткизилген.

Усы спорт жарысларында тийкарында өткизилген тәўекелшиликке тийкарланған гиреў ойынларынан дерлик 174 млн. АҚШ доллары пайда алынған.

Дүнья көлеминде 45 мәмлекет, солар қатарынан Германия, Франция, Швецария, Бразилия, Польша, Латвия, Литва, Грузия, Украина, Россия ҳәм Қырғызстан нызамшылығында рәсмий спорт жарысларының нәтийжелерине қағыйдаларға қылап рәўиште тәсир өткизгенлик ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген.

Мәмлекетимизде де келисилген ойынларға қарсы гүрес илажлары көрилип атырғанлығына қарамастан, әмелиятта келисилген ойынлар бар екенлиги анықланбақта.

Нызамшылыққа төмендегилерди:

Рәсмий спорт жарысларының нәтийжелерине спорт кағыйдаларына қылап рәўиште тәсир өткизиўди қадағалаў ҳәмде усы қылиысты ислегерлик ушын жынайый жуўапкершилик белгилеў;

спорт тараўындағы коррупция жағдайлары жүзесинен аноним формада хабар бериў тәртибин енгизиў ҳәмде ғалаба хабар қуралларының бул тараўдағы искерлигин қоллап-куўатлаў усынысларын усынбақта.

Ҳуқықый сиясат излениў институты

П/с: Коррупцияға қопал тәризде уя қурған тараўлар ишине және биреўи қосылды - бул спорт тараўы.

Yurist_Auezbekov