Get Mystery Box with random crypto!

ИТИБАРЛЫ БОЛАЙЫҚ! Телефоныма қарындасымнан СМС келди. Онда: | 🎧CREATIVE BROTHERS🎧

ИТИБАРЛЫ БОЛАЙЫҚ!

Телефоныма қарындасымнан СМС келди.

Онда: «Әжаға, туўылған күниңиз бенен қутлықлайман. Узақ өмир көриң», делинген еди. Ашыўым келип, иниме қоңыраў қылдым.

– Жалғыз ғана қарындасымыз ағасының туўылған күниниң қашанлығын билмес екен, - дедим.
– Мени қутлықлап, СМС жиберипти. Жазда туўылғанымды айтып қой!
Үкем бираз индемей турды да, соң жуўап берди:
– Маған да СМС жиберипти, туўылған күниңиз бенен қутлықлайман, депти.
– Не? Саған да жиберип ти? Неге?
– Түсинбедиңиз бе?
– гүрсинди үкем.
– Негизинде сиз бенен мениң емес, қарындасымыздың туўылған күни екен!
Ҳеш нəрсе айта алмадым. Уяттан жүзлерим қызарды.

Дерек: Nasiyat.uz