Get Mystery Box with random crypto!

🎧CREATIVE BROTHERS🎧

Telegram kanalining logotibi creativebrothers — 🎧CREATIVE BROTHERS🎧 C
Telegram kanalining logotibi creativebrothers — 🎧CREATIVE BROTHERS🎧
Kanal manzili: @creativebrothers
Toifalar: Video
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1
Kanalning ta’rifi

Ассаламу алейкум...
#Admin;
@Tolebaev_Diyxanbay

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar

2022-04-29 12:34:04
Үйдеги шɵлкемлер

Әке
-Ɵмириниң ақырына шекем президент:
-Сыртқы ислер министри:
-Бажыхана комитети баслығы (Үйге кирип келетуғын нәрселердиң ҳадаллығын тексереди)
-Пул фабрикаси

Ана
-Адвокат (әке урысқанда, ҳәр дайым тәрепиңизди алады)
-Портал (ҳәмме дәртлериңизди тыңлап, әкеңизге жеткерип, машқалаларыңызды шешип береди)
-Бухгалтер (кирим-шығымды, шаңарақта пул айланысын қадағалап турады)

Әжапа
-Ананың оң қолы
-Орынбасар (үйде ана болмағанда ɵзин баслық деп сезетуғын тәжрийбесиз баслық)

Қарындас (сиңли)
-Ортадағы адам (ɵзинен үлкеннен де кишиден де бақырыс еситип жүриўши)
Разведкашы (әжапасының сырларын анасына жеткерип турады)

Әжаға
-Квартирант (Үйге жумыстан шаршап тек уйқлаўға келеди)
-Қорықшы (Охрана) (үйиндеги әжапа-қарындасларын қорғап жүреди)

Үке
-Олтгарх (айтқаны айтқан, дегени деген)
-Үйде әкеге де сɵзи ɵтетуғын, сыртқы ҳәм ишки күшлерге ийе.
17 viewsBAKS, 09:34
Ochish/sharhlash
2022-02-11 09:30:44
Зебралар ақ сызықлары бар қара ҳайўан. Қара сызықлары бар ақ ҳайўан емес.
#endi_siz_bunı_bilesiz

(C) Wikipedia.com
41 viewsBAKS TOLEBAEV, 06:30
Ochish/sharhlash
2022-02-08 09:34:17
ИТИБАРЛЫ БОЛАЙЫҚ!

Телефоныма қарындасымнан СМС келди.

Онда: «Әжаға, туўылған күниңиз бенен қутлықлайман. Узақ өмир көриң», делинген еди. Ашыўым келип, иниме қоңыраў қылдым.

– Жалғыз ғана қарындасымыз ағасының туўылған күниниң қашанлығын билмес екен, - дедим.
– Мени қутлықлап, СМС жиберипти. Жазда туўылғанымды айтып қой!
Үкем бираз индемей турды да, соң жуўап берди:
– Маған да СМС жиберипти, туўылған күниңиз бенен қутлықлайман, депти.
– Не? Саған да жиберип ти? Неге?
– Түсинбедиңиз бе?
– гүрсинди үкем.
– Негизинде сиз бенен мениң емес, қарындасымыздың туўылған күни екен!
Ҳеш нəрсе айта алмадым. Уяттан жүзлерим қызарды.

Дерек: Nasiyat.uz
39 viewsBAKS TOLEBAEV, 06:34
Ochish/sharhlash
2022-02-08 09:12:35 Қыс сулыў-ғой, қыраўлы қар сәҳәрде,
Гүл сулыў-ғой, ашылысқан бәҳәрде,
Жазым сулыў, аўылда да, шәҳәрде,
Қырман тасқан, сары алтын гүз сулыў.

Жоллар сулыў, көлдиң бойы, ағыслы,
Қоллар сулыў, он саўсағы нағыслы,
Аўдар-төңкер еткен қыя бағыслы,
Меҳир менен күлимлеген жүз сулыў.

Шөбим сулыў, ўатанымда майсадай,
Сулыў және, бир жалт еткен найзағай,
Кирпик сулыў, нышан тапқан найзадай,
Қәлиб төрин көре билген көз сулыў.

Артық кетпей, өсек қуўып шубартып,
Тыйған сулыў, өз орнында тубартып,
Ашық ярын ынтық етип, қумартып,
Ийбе сақлап, айтылмаған сөз сулыў.

Келте көйлек сулыў дей ме?... Гийнели,
Патлыйытқан он еки мүше, сийнени,
Ушығаға артық жумсап ийнени,
Тобық үсти, боялмаған бөз сулыў.

Тәрезиде тең пәллели тас сулыў,
Адасқанда ақыл айтар бас сулыў,
Қуўаныштан көзден аққан жас сулыў,
Бәринен де, қәддин билген "өз" сулыў.

#Айдын
28 viewsDONY To'lebaev, 06:12
Ochish/sharhlash
2022-02-08 08:39:51
Xamdam Sobirov - Tentakcham
KLIP PREMYERA
21 viewsBAKS TOLEBAEV, 05:39
Ochish/sharhlash
2022-02-08 07:55:13 Xamdam Sobirov - Tentakcham
PREMYERA
22 viewsBAKS TOLEBAEV, 04:55
Ochish/sharhlash
2022-02-07 18:24:19 Dastan Bektursinov - Qala kuni
PREMYERA
21 viewsBAKS TOLEBAEV, 15:24
Ochish/sharhlash
2022-01-30 20:24:39 Не ушын реклама бериўимиз керек ?

Киттай математикаға тоқталып өтемиз. Мәселен сизде оқыў орайы бар, oрташа оқыў курсы баҳасы болса 150 мың сўм. Енди сиз 50 мың сўмға 10 мың ағзасы бар каналдан реклама сатып алдыңыз. Реклама арқалы болса сизге 5 адам клиент болды.

5*150=750 мың сўм. Бул жерде ким утып атыр сонда. Ең кеминде сиздиң бизнесиңиздиң аты танылып қалды. Ҳәзир клиент болмасада, кейнен керек болған ўақытта бәрибир сиздиң бренд ойына биринши келеди.

Және бир қызық сораў: сонда реклама бермей бизнести қалай көтериў мүмкин ҳеш түсинбеймен.
64 viewsBAKS TOLEBAEV, 17:24
Ochish/sharhlash
2022-01-30 20:23:52
Социал тармақларда реклама қалай бериў керек.

1) Ҳеш қашан группаларда реклама бермең. 50 мың адамы бар группадан көре, 100 ағзасы бар каналдан жақсы эффект аласыз. Бул дәлилленген.

2) Каналға реклама бериў ушын оны дәслеп активлик дәрежесин билиў керек. Актив екенлигин жазылған комментлерден, орташа посттың көрилгенлер саны ҳәм посттың тарқаў дәрежесинен билсе болады.

3) Илажи болса телеграм ботларда реклама бериң. Себиби боттағы реклама, каналда салынған рекламадан көре 3-4 есе эффектли болады.
57 viewsBAKS TOLEBAEV, edited  17:23
Ochish/sharhlash
2022-01-28 10:54:19
Бу видеода 1минутда 1умирлик Аёл хаётини ёритиб берибди !

Яқинларингизга улашинг
✿❀┄┅┅✿❀✿❀┄┅┅✿❀
Энг яхшиси энг яхшилар учун
22 viewsBAKS TOLEBAEV, edited  07:54
Ochish/sharhlash