Get Mystery Box with random crypto!

Бир неше жыл алдын бир ўақыя болды. Үйге қайтып баратыр едим, | Atabek Kdirbaev

Бир неше жыл алдын бир ўақыя болды.

Үйге қайтып баратыр едим, күн салқынлаў еди.

Алдымнан алдын оқыған мектебимниң мүғаллими велосипедте үйине қайтып барар еди.

Соның изинше, азмаздан банкте ислейтин танысым машынасы менен үйине қайтып баратыр.

Устазларға болған итибардың айқын мысалы болды, усы жағдай(

Сол гезде ойладым, усы жағдайды көрип турып, реаллықтан келип шығып, ким боласаң деген сораўға анық айтаман көпшилик мүғаллим деп жуўап бермейди.

Жуўмақ өзиңизден.

Илимиңиз ҳәм әмелиңиз зияда болсын!

@atabek_kdirbaev