Get Mystery Box with random crypto!

Atabek Kdirbaev

Telegram kanalining logotibi atabek_kdirbaev — Atabek Kdirbaev A
Telegram kanalining logotibi atabek_kdirbaev — Atabek Kdirbaev
Kanal manzili: @atabek_kdirbaev
Toifalar: Taʼlim
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 160
Kanalning ta’rifi

Жеке раўажланыў бойынша блог.
http://myurls.co/kdirbaev
Илимиңиз ҳәм әмелиңиз зияда болсын!

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-08-24 18:41:34 Бир неше жыл алдын бир ўақыя болды.

Үйге қайтып баратыр едим, күн салқынлаў еди.

Алдымнан алдын оқыған мектебимниң мүғаллими велосипедте үйине қайтып барар еди.

Соның изинше, азмаздан банкте ислейтин танысым машынасы менен үйине қайтып баратыр.

Устазларға болған итибардың айқын мысалы болды, усы жағдай(

Сол гезде ойладым, усы жағдайды көрип турып, реаллықтан келип шығып, ким боласаң деген сораўға анық айтаман көпшилик мүғаллим деп жуўап бермейди.

Жуўмақ өзиңизден.

Илимиңиз ҳәм әмелиңиз зияда болсын!

@atabek_kdirbaev
109 views15:41
Ochish/sharhlash
2022-08-24 18:16:38 Ҳүрметли Ата-Аналар илтимас итибарсыз болмаң! Перзентиңиздиңдиң илимли, үмметке пайдасы тийетуғын инсан болып жетисиўин қәлейсиз, дурыс па? Ҳәзир қайсыдур жетискенликке ерискен адамның өмирин қарасаң, Ата-Анасы шексиз хызмет еткен болады. Илимге, Устазға…
88 views15:16
Ochish/sharhlash
2022-08-24 18:15:08 Ҳүрметли Ата-Аналар илтимас итибарсыз болмаң!

Перзентиңиздиңдиң илимли, үмметке пайдасы тийетуғын инсан болып жетисиўин қәлейсиз, дурыс па?

Ҳәзир қайсыдур жетискенликке ерискен адамның өмирин қарасаң, Ата-Анасы шексиз хызмет еткен болады.

Илимге, Устазға деген ҳүрмети, кеўилге илимди жайлаўды мектептеги Устаз үйретип қоя алмайды, бул жолда Ата-Ана жең түрип хызмет қылыўы керек!

Бирақ ол ушын телефоннан, “отырыспақ-игра”лардан бираз басты көтерип перзент пенен сөйлесиў керек.

Дурыс перзентиңизди кийинлирип, тәмийинлеп, мектепке жиберип, оның үстине таярлыққа берип қойыпсыз. Бул ушын Рахмет! Бирақ буның өзи жетерли емес.

Сиз өзиңизге Ата-Аналарыңыз ондай итибар бермеген болса, сиз де итибар бермеўиңиз керек дегени емес!

Қайсыдур әмел өрнек арқалы көрсетилсе тәсир етиўи соншелли күшли болады. Өрнек болың Ата-Аналар!…бирақ жақсы әмеллерде!

Дониёр Насриддинов Устаздың сәўбетин екинши мәрте көрип атырман ҳәм бул сәўбетти ҳәр бир Ата-Ана көриўи шәрт!

Сеннен илтимас усы постты ҳәм сәўбетти танысларыңа жибер, әсиресе Ата-Аналарға жибериңлер!





Илимиңиз ҳәм әмелиңиз зияда болсын!

@atabek_kdirbaev
96 views15:15
Ochish/sharhlash
2022-08-24 17:49:36 Ассалаума Алейкум қәдирданларым!

Ин шаа Аллаҳ жазыўды даўам етемен. Пайдалы постлар жазыўға Аллаҳ қәдир қылсын!

Ийманыңыз беккем, әмелиңиз жақсылық, сөзиңиз ҳаққа ҳәм сабырға шақырыўшылардан болсын!

Илимиңиз ҳәм әмелиңиз зияда болсын!

@atabek_kdirbaev
93 viewsedited  14:49
Ochish/sharhlash
2022-06-18 08:22:11 Ассалаўма Алейкум қәдирданлар!

Кеширерсизлер, жеке себеплерге көре каналға жазбай жүрмен. Жабық канал қылдым. Арасында илингим келгенлерин жазыўым мүмкин.

Қәлесеңиз каналда қалың, қәлесеңиз шығаберсеңиз болады.

Өмирде қайерге баратырман деп, алдыға ҳәм артқа қарап пикир жүритип тоқтап алыў керек екен.

Сизлерге айтарым:
1. Өз тараўыңыздың маман қәнигеси болың!
2. Турақлылық - өмирде ең әҳмийетлиси!
128 views05:22
Ochish/sharhlash
2022-05-14 21:34:19 Ҳәмме ақыллы…

1. Әтирапымыздағы адамлар сондай ақыллы ҳәттеки өзи билмейтин темадан сораў берсең де жуўап бере алады.

2. “Билмеймен” деп айтыў ең қыйын ис болып қалған. Бирақ бизиң жақын жорам бар, расы өзи билмейтин нәрсеге пикир билдире бермейди. (Өрнек алса арзыйды).

3. Билген сөйлемес, сөйлеген билмес. Усы гәп дурыс екен, билген адам зәрүрият болмаса сөйлемейди, билмеген адам сорамасаңда айтып, билетиндей болып көринеди екен.

4. Ҳәр жердиң өз сөзи бар, ҳәр сөздиң өз орны бар. Ҳәр бир сөзимизди неге, кимге, қәйерде айтып атырғанымызға итибар берейик.

5. Мен өзим көп сөйлейтинлердиң биримен. Бирақ сөйлеп қәдир тапқаннан көре, қәдирсиз болған жағдайларға көп дусластым.

6. Аллаҳым тилимизди керексиз сөзлерден сақласын, өзине ҳамд айтыў менен бәнт қылсын!

@atabek_kdirbaev
420 viewsedited  18:34
Ochish/sharhlash
2022-05-01 04:21:43 ​​​​#аудиокитап

"Barakaning siri"
Jaloliddin Xolmo‘minov

@audiokitoblar_uz
218 viewsedited  01:21
Ochish/sharhlash
2022-05-01 04:15:06 #Күнҳикмети

Жақсылықларын тап жаманлықларын жасырғандай жасырған адам ықласлыдур.

Ибраҳим Таймий раҳимаҳуллоҳ.
219 views01:15
Ochish/sharhlash
2022-04-26 20:53:16 Не зат бизде бар болса қәдирине жетпейди екенбиз…

Ден саўлық, ўақыт Аллаҳ тәрепинен бендесине берилген үлкен байлық.

Түнде тыныш уйқылаўың, азанда аман-саў турыўың шукирлик етиўге арзыйтуғын ең үлкен инәм!

Биз нени қымбатқа алсақ соны қәдирлеймиз дә, бирақ бийпул келген нәрселерди қәдирлемейтинлерден болып қалғанбыз.

Шукир келтириўшилерден болайық!

Усы постты оқыўға көзиң көрип турғанына, телеграмға киретин ўақтың барлығына, тынышлығыңа, ден-саўлың жақсылығына, жақынларың қасыңда екенлигине, бүгинги күниңниң аман-есен өткенлигине шукир келтир!

@atabek_kdirbaev
341 viewsedited  17:53
Ochish/sharhlash
2022-04-16 04:04:48 Айтып атырған сөзлеримиз характеримизге, ол болса ықтыярый тәғдиримизге тәсир етеди.

Нәпси сондай нәрсе, сен оны жақсы нәрселер менен бәнт қылмасаң, ол сени жаман нәрселер менен бәнт қылып қойыўы мүмкин.

Ойлап қарасам тек қарнымыз ораза, тилимиз сол баяғы айтып жүрген гәплерден тыйылмаған сияқлы.

Ҳақыйқый ораза қарын менен бирге тилди де пайдасыз сөзден тыйыў екен.

Ярым сааттай үндеместен, мен өзим нелерди сөйлеп атырман, әтирапымдағылар нелер ҳаққында сөйлеп атыр деп пикир жүритип қара. Жуўмақ шығар.

Өзиме нәсият, саған ескертпе ушын айтып атырман.

@atabek_kdirbaev
403 viewsedited  01:04
Ochish/sharhlash