Get Mystery Box with random crypto!

Ҳәмме ақыллы… 1. Әтирапымыздағы адамлар сондай ақыллы ҳәттеки | Atabek Kdirbaev

Ҳәмме ақыллы…

1. Әтирапымыздағы адамлар сондай ақыллы ҳәттеки өзи билмейтин темадан сораў берсең де жуўап бере алады.

2. “Билмеймен” деп айтыў ең қыйын ис болып қалған. Бирақ бизиң жақын жорам бар, расы өзи билмейтин нәрсеге пикир билдире бермейди. (Өрнек алса арзыйды).

3. Билген сөйлемес, сөйлеген билмес. Усы гәп дурыс екен, билген адам зәрүрият болмаса сөйлемейди, билмеген адам сорамасаңда айтып, билетиндей болып көринеди екен.

4. Ҳәр жердиң өз сөзи бар, ҳәр сөздиң өз орны бар. Ҳәр бир сөзимизди неге, кимге, қәйерде айтып атырғанымызға итибар берейик.

5. Мен өзим көп сөйлейтинлердиң биримен. Бирақ сөйлеп қәдир тапқаннан көре, қәдирсиз болған жағдайларға көп дусластым.

6. Аллаҳым тилимизди керексиз сөзлерден сақласын, өзине ҳамд айтыў менен бәнт қылсын!

@atabek_kdirbaev