Get Mystery Box with random crypto!

Не зат бизде бар болса қәдирине жетпейди екенбиз… Ден саўлық, | Atabek Kdirbaev

Не зат бизде бар болса қәдирине жетпейди екенбиз…

Ден саўлық, ўақыт Аллаҳ тәрепинен бендесине берилген үлкен байлық.

Түнде тыныш уйқылаўың, азанда аман-саў турыўың шукирлик етиўге арзыйтуғын ең үлкен инәм!

Биз нени қымбатқа алсақ соны қәдирлеймиз дә, бирақ бийпул келген нәрселерди қәдирлемейтинлерден болып қалғанбыз.

Шукир келтириўшилерден болайық!

Усы постты оқыўға көзиң көрип турғанына, телеграмға киретин ўақтың барлығына, тынышлығыңа, ден-саўлың жақсылығына, жақынларың қасыңда екенлигине, бүгинги күниңниң аман-есен өткенлигине шукир келтир!

@atabek_kdirbaev