Get Mystery Box with random crypto!

Фильмды көрдик. Комментарий 'бәлент, шақырыўшы' сөзлерден қура | Халық айнасы

Фильмды көрдик. Комментарий "бәлент, шақырыўшы" сөзлерден қуралғанына "алданып" тамаша еттим. Фильмниң кульминациясы жоқ.
Баслы қаҳарман образын берген Арзайым апаның сүўретке түскен картина фильмды "көтерген" десек болады.
Және мәдениятқа сиясатты бул кинода да алып кирген. Аралдың трагедиясын ашып бере алмаған. Бүгинги Мойнақ ҳәм Арал теңизи ҳаққында реаллық ўақыяларды көрсете алмаған. Илип аларлық сюжет таўа алмадым.
Алды қашты сюжетлерден қуралған фильм, тамашагөйге ҳеш нәрсе бере алмайды.
Мәденият ҳәм туризм бул фильмге қаржы сарыплаған болса, қумға "с" гәп болыпты.
Ҳаўаға ушқан қаржылар.
Мәдений дурдана болыўға арзымайтуғын фильм. Әттең, әттең! Фильм атын "Шўрхок" емес "Босгәп" деп атаса болады екен. Әне бизиң мәдениятымыз.
Қосымша ретинде айтып кетейин бутафория, декорация, реквизитлер дурыс қолланылмаған!


https://t.me/xallabay