Get Mystery Box with random crypto!

КИМ НЕГЕ ИСЕНСЕ СОЛ ЖҮЗ БЕРЕДИ .. - Ало, сәлем Қудай менен сө | QAREKEN | Рәсмий канал!

КИМ НЕГЕ ИСЕНСЕ СОЛ ЖҮЗ БЕРЕДИ ..

- Ало, сәлем Қудай менен сөйлессем бола ма?
- Сәлем, жалғап беремен.
- Әй Қудай, жүдә шаршадым, кәрамат болыўын тилеймен, әпиўайы инсанлық бахыт қәлеймен. Илтимас, арзыўларымды әмелге асыр!
- Әлбетте, әзизим. Лекин әўели сени "әмелге асқан тилеклер" бөлими менен жалғайман. Сен онда жол қойған қәтелериң менен танысасаң.
Трубкадан "бир неше секундтан соң сизди әмелге асқан тилеклер бөлими менен жалғаймыз" деген даўыс келди.
- Сәлем, сизге қандай жәрдем бере аламыз?
- Мени сизлерге Қудай жоллады. Жаңа тилек билдириўден алдын әўелгилерине бир қарап өтиўимди буйырды.
- Түсиникли. Бир минут... ҳе, мине барлық шын жүректен тилеген тилеклериңиз, еситип атырсыз ба?
- Аўа, әлбетте, дыққат пенен еситип атырман.
- Тыңлаң, өткен жылғылардан баслаймыз:
1. Уҳ, жумысым жаныма тийди! (Жанға тийди - Орынланды)
2. Күйеўим итибар бермейди. (Бермейди - Орынланды)
3. Азғана болса да пулым болғанда еди. (Азғана пул - Орынланды)
4. Досларым өсекши. (Олар өсекши - орынланды)
5. Қандай болса да квартирам болғанда еди. (Қандай болса да - 10-қабаттан, төбесинен жаўын өтетуғын квартира. Орынланды)
6. Кишкене болса да машинам болғанда еди. (Ески "Запарожец" машина "болды" - Орынланды)
7. Демалыста қай жерге болса да кетсем. (Орынланды: уста бағыў ушын дала ҳәўлиге кеттиңиз)
8. Ҳешким гүлдәсте бермейди. (Бермейди - Орынланды) ... даўам еттире берейин бе?
-Яқ, яқ, болды түсиндим. Жаратқанға қайта жалғап бериң.
-Әй Қудай, ҳәммесин түсиндим. Енди ҳәрбир ой-пикиримди електен өткеремен. Сеннен ҳәрдайым жақсы ой-қыялларды ойлаўыма жәрдем бериўиңди сорайман. Ҳәрдайым маған жәрдем бериўге таярлығыңды умытпай, мени қолла... ҳәзир болса мен ҳәммесин ойлап алыўым керек. Қайта басласам бола ма?
- Әлбетте, қәлеген ўақтыңда. Тилеклериңде Қудайға шикаят етпе, налыма. Ол жаманын көрмепсең деп саған ҳәзирги жағдайыңнан да жаманырағын жөнетеди. Қудайға шүкир ет, оған тек жақсысын, қуўанышлы екениңди айт, сонда Ол саған "Әй бендем, сен еле буннан жақсысын билмепсең" деп саған ең жақсысын жибереди.

@qareken