Get Mystery Box with random crypto!

'БИР ЧЕМПИОНАТ ТАРЫЙХЫ' 2-сан. 1-бөлим. СССР чемпионаты. | Қарақалпақ футболы

"БИР ЧЕМПИОНАТ ТАРЫЙХЫ"

2-сан. 1-бөлим.

СССР чемпионаты. 1936-жыл.

1936-жылдың қыс айынан берли Николай Старостин Пүткил аўқам Ленинши Жас Коммунистик Лигасының биринши хаткери Косарев атынан футбол бойынша СССР чемпионаты ушын жойбар таярлап атыр еди. Бирақ чемпионатты шөлкемлестириў менен шекленип қалыўдың иләжи жоқ еди, улыўма алғанда ойын идеасын өзгертиў зәрүрлиги туўылды. Буның ушын олар Батыслық кәсиплеслериниң тәжирейбесин өзлестирди: олар пуллық төрешилерди, команда ойыншылары кәрханалардағы исинен азат етиў ҳәм басқалар.
1936-жыл 13-мартта Дене тәрбия Жоқары Кеңесиниң жыйналысында Николай Старостин тәрепинен усыныс етилген жойбар тастыйықланды. СССР чемпионатын еки түрде - бәҳәр ҳәм гүзде өткизиў ҳәм олар ортасында Олимпия системасы бойынша СССР кубогын ойнаўға қарар қылынды. Футбол ойыны ушын кириў билети баҳасы шөлкемлестириўши компанияның қәлеўине көре 1 рублдан 5 рублге шекем белгиленди. Баҳалаў системасы: жеңис ушын 3 очко, теңлесиў 2 очко, жеңилгенге 1 очко қатнаспағаны ушын 0 очко деп белгиленген. Чемпионат "А" дан "Г" дивизионға шекем бөлинген.

1-сан. 4-бөлим.

Қарақалпақстандағы ең соңғы футбол жаңалықлары, биринши бизде...!!!
Теlegram | Instagram | YouTube