Get Mystery Box with random crypto!

* * * Жаратылыс әдил қандай! Үлесерде байлықларын, Анаң бөлип | 🌳Қарақалпақ Байтереклери🌳

* * *
Жаратылыс әдил қандай!
Үлесерде байлықларын,
Анаң бөлип берген нандай,
Алаламай бөлген бәрин:

Биреўлерге асқар бийик
Таў берсе де жер бермеген.
Марал маңырап, ақша кийик
Жуўырғандай шөл бермеген.

Бир жерлер хош тәбиятлы,
Қырғаўылдың қанатындай.
Бирақ жемиси жоқ татлы
Гүлабы, тор набатымдай.

Биреўлер балыққа жерик,
Биреўлерде-Адриатик...
Биреўлерге жамғыр берип,
Күн бермеген жадыратып.

Ең бай еллер мүтәж ҳәтте
Боян тамыр, газли кәннен.
Японлардың «топырақ сат» деп,
Жалынғанын еситкенмен...

Сиз бенен биз мәкан қылған
Бул топырақта бәри-де бар.
Егин ексең өрре турған,
Шөплеринде дәри-де бар.

Нар қамыслы көллеринде
Ойнар сазан, бөргелери.
Жантағының гүллеринен
Пал жыйнайды ҳәррелери.

Кең жәзира даласында
Малына жай өрислерин.
Қара талдың саясында
Бир желпинип шай ишкениң...

Мийнетин де, ләззетин де
Басымыздан кеширгенбиз.
Жети иреңли сүўретин-де
Руўҳымызға көширгенбиз.

Тегин емес туўған топырақ,
Безе алмайды адам деген.
Терең тамыр урған дарақ, -
Ўатан деген, Ўатан деген!

Ибрайым Юсупов