Get Mystery Box with random crypto!

#doslıq_tatıwlıq_klasslaslar *** Саатқа көзим түскенинде баған | 🌳Қарақалпақ Байтереклери🌳

#doslıq_tatıwlıq_klasslaslar
***
Саатқа көзим түскенинде бағана 00:00 еди.Нөкис ақшамы.
Негедур, уйқым келмей атыр. Үш-төрт күннен берли усы аўҳал.
Бүгин есиме классласларым түсти. Ватцаптан видеочат сорап едим, бүгин байланыс онша емес, оның үстине жумыстан шаршап келдик, ертең кешки сегиз-тоғыз арасы көрисеғояйық, деп келистик...
Лепесбай Аширов. Түркмен бала. Дәптерге араб ҳәрибиндей шеп жақтан баслап жазатуғын еди. Муғаллимим Сулыўхан Турдымуратова үйретесең деп қасына отырғызып қойды. Соннан сегиз жыл бир партада отырдық. Оныншы классты гил "5"ке питкерди.
Шамшетдин Мамутов. Өзбек баласы екенин оныншы классларға барғанда билдик. Келиншеги аўыл арасының көйлегин тигеди. Апам "Шәмшеттиң келиншеги мол-молақай етип жақсы ҳәм арзан тигеди" деп мақтайды. Оның руўы түўе миллетиниң не екенин билмейди екенбиз. Шамшетдин өмирбойы трактор айдады, жер сүрди, пахта екти, пахта тасыды. "Тамара, журналистсең-ғой, оның үстине Нөкисте турасаң, трақтыршыларға дурыслап айлық бермейди, соны айтсаң-о?" деди. Мениң ҳәзирге шекем Шамшетдинниң жүзине қарайтуғын бетим жоқ, айлығын көбейтип, ҳақысын алып бере алмадым!.. Ҳәзир ол кеселлик арттырып үйден шыға алмай қалған. Ишим ашыйды, лекин аяққа турғызып жибериў қолымнан келмейди.
Сарыжан. Оны мектеп питкергели көрмедим. Қазақ қызы. Ири сүйекли, қарыўлы еди. Әкеси шопан, өзи де қой бағып өскен. Дийдар несип етсе, көриским, ҳал-жағдайын билгим келеди.
Алмагүл Медетова. Он бармағы ойылған шебер, сабақтан да жақсы оқыды. Түркменстанлы жигитке узатылыў тойынан кейин көрмедим. Жағдайы жақсы деп еситемен. Бирақ, оның да бахытлы турмысын өз көзим менен көргим келеди. Бирақ, жоллар баяғыдай емес, беклеўли. Қәнекей, шегаралар болмаса! Жақсы турмыс излеп Алматыда жасап жүрген күлекеш қыз Ақжибекти, Тамара Қарақулованы, Бейнеўдеги тракторист Жумабай Таспағамбетовты, Ақтаўдағы инженер Бийсенбайды, Атыраўдағы бухгалтер Қуралбай Сийсенбаевты, машинист Полат Нуржановты, Мақсатты, Шыршықтағы Тамара Өмирбекованы, айта берсем, "а", "б" класста бирге оқыған барлық классласларымды сағынаман, олар менен ҳеш болмаса бир мәрте жүзбе-жүз көриским келеди. Шоманайдағы 12-санлы мектепти питкергенимизге еки жылдан кейин 40 жыл толады. Еллер аралық жағдайлар жақсыланса, бәримиз бир ушырассақ, деп әрман етемиз. Мына ватцап деген жақсы болды, бир-биримизди таўып алып, хабарымызды айтысып отырмыз. Бир Қарақалпақтың ишинде жасасақ та, еле дийдар ғәниймет жүргенлеримиз бар. Бир таң қалатуғын жеримиз сол, бир аўылда өскенге ме, арамызда миллет айырыў деген сирә болмаған. Бәримизде бир биреўге деген ынтықлық, дослық сезимлери беккемленсе беккемленди, ҳасла кемеймеген!
Себеби, бизлер Шоманайдың шаңлағын шаңғытып өскенбиз. Қуўанышымыз да, қайғымыз да бир. Мақсетимиз, арзыў-әрманымыз да бир. Жасасын, аўылласлар, классласлар дослығы! Бизлерди "Биринши жап"тың суўын ишип өскенимиз бирлестирген. Қалаберди, бир дәрьяның суўын ишип, бир топырақта киндик қанымыз тамып, ойнап-өскен заманласларды қандай миллет болыўымызға қарамастан ҚАРАҚАЛПАҚСТАН деген ЎАТАН бирлестиреди. Жасасын, халықлар дослығының ең жарқын үлгиси - көп миллетлердиң мийтиндей бирлигинен қуралған, суверенли ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ!


Тамара Машарипова журналист

канал: @qaraqalpaq_bayterekleri