Get Mystery Box with random crypto!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 23-24-февраль кунлери Қар | QARAÓZEK RXBB | Rásmiy kanal

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 23-24-февраль кунлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалары ҳәм 25-февраль куни сектор басшылары ҳәмде активлер катнасында өткерилген мажилис баянының 146-санлы бәнтинде көрсетилген яғный, мектеп оқыўшыларының миллий ҳәм халықаралық сертификатларға ерисиў үлесин арттырыў мақсетинде июнь айынан баслап район аймағындағы қәбилетли балалар ушын Инглис тили пәнинен Наманган ўалаяты халық билимлендириў басқармасы менен биргеликте 5 аймақта 150 оқыўшы тереңлестирилген оқыў курсларында оқып баслаған еди.
Оқыў курсларының талап дәрежесинде алып барылыўын мониторингин жүритиў, ылайықлы оқыўшыларды хошаметлеў мақсетинде Шет тиллерин үйрениўди ен жайдырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ўакиллери тәрепинен тест сынақлары өткерилип, белгиленген нәтийжелерге ерискен оқыўшылар агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен алдағы ўақытлары миллий ҳәм халықаралық сертификатларға тапсырыўда төлемлеринде жеңилликлер бериўши ваучерлер ҳәмде китаплар саўға етти.