Get Mystery Box with random crypto!

Саида Мирзиёева муғәллимлерге жүклетилип атырған қосымша жумыс | @nukus24official

Саида Мирзиёева муғәллимлерге жүклетилип атырған қосымша жумысларды тоқтатыўды ҳәм устазлардың жәмийеттеги рөлин көтериўди усыныс берди

Оқытыўшыларды тап жыгырма жыл алдынғы сыяқлы тағы хожалықларды айланып шығыўға ҳәм оқыўшылар дизимин дүзиўге мәжбүрлеп атырғанлығы ҳаққында еситип, жүдә қапа болдым.

Мен оқытыўшыларға болған мүнәсибетти қайта көрип шығыў оғада зәрүр деп есаплайман ҳәм киши ҳәмелдарлардан олардың мойнына керексиз ҳәм нызамға қарсы ўазыйпалар жүклеўди тоқтатыўын сорап қаламан.

Оқытыўшылардың тийкарғы ўазийпасы перзентлеримизге билим бериў арқалы мәмлекетимиз келешегин тәмийинлеў болып табылады.

Буның өзи жүдә қурамалы ўазыйпа. Тәлим бағдарында онсыз-ақ мәселелер быған-жыған болып турғанында, оның үстине оқытыўшылар мойнына және тағы қандай да қосымша ўазыйпалар жүклеў — бул енди артықша.

Оқытыўшыларды артықша жумысларға мәжбүрлеў тек ғана мектепке, бәлким Өзбекстан келешегине де зәлел жеткереди.

Мен барлық жуўапкер шахслардан бул машқаланы мүмкиншилиги барынша тезирек шешиў ҳәм оқытыўшылардан сабақ бериўден басқа барлық ўазыйпаларды азат етиўин сорайман.

Ҳәзир мәмлекетимизде тәлим биринши туратуғын мәселе болып табылады. Биз оқытыўшыларға мут хызметши (хызметкер) ретинде қараўды тоқтатыўымыз шәрт. Олар жәмийеттиң ең ҳүрметли ҳәм ардақлы  қатламына айланыўы, оның ушын барлық бирдей ҳәрекет етиўи зәрүр деп есаплайман. Тек тәлим, тек оқытыўшылар жәрдеминде ғана биз раўажланыўға ерисе аламыз. Перзентлеримиз келешеги олардың турмыста өз орнын табыўы ушын да устазларымызды көтермелеўимиз шәрт — дейди Саида Мирзиёева.


@kknovosti
Телеграм Инстаграм