Get Mystery Box with random crypto!

MuynakPress

Telegram kanalining logotibi muynakpress — MuynakPress M
Telegram kanalining logotibi muynakpress — MuynakPress
Kanal manzili: @muynakpress
Toifalar: Bloglar , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 4.03K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт:
muynak.uz
👉youtube.com/channel/UCvShnrQFTti7Ap8iK8gPXWA
👉https://www.facebook.com/profile.php?id=1000519554330;
👉instagram.com/muynak.press.service/;
Мүрәжат ушын:
📝http://t.me/joinchat/FH3LxNAWuVRQDy4g
📬@muynakpress_bot;
☎️613221357

Ratings & Reviews

2.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

1


Oxirgi xabar

2022-09-01 17:38:59
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен:

2022-жыл 15-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, майыплығы болған пуқаралар ушын темир жол ҳәм авиа билетлерди сатыў 50 процентлик жеңилликли тарифлер бойынша әмелге асырылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
1.4K views14:38
Ochish/sharhlash
2022-09-01 17:38:59
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасында:

  жас исбилерменлерге өндирис ҳәм хызмет көрсетиў ушын зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыў мақсетинде Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры арқалы 7 жыл мүддетке қарыз қаржылары усынылады.

шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңбериндеги жойбарларды қаржыландырыў ушын 2022-жылдың ақырына шекем қосымша түрде 200 миллиард сўм кредит ажыратылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
1.3K views14:38
Ochish/sharhlash
2022-09-01 15:28:34
Ғәрезсизлик байрамында еки егиз туўылды. Егизлердиң бир жубы Мойнақ қаласынан, ал екинши жубы Қызылжар аўыл пуқаралар жыйынынан. Мойнақ районы ПҲАЖ бөлими тәрепинен оларға туўылғанлық ҳаққында гүўалықлары ҳәм байрам саўғалары берилди. Шаңарағына үлкен байрам саўғасы болып атырған бул нәрестелердиң өмир жасы узақ, денсаўлығы беккем болсын!

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
1.6K views12:28
Ochish/sharhlash
2022-09-01 15:13:25
"Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз" сүрени тийкарында ғәрезсизлигимиздиң
31 жыллығына бағышланған байрам илажлары даўам етпекте. Мойнақ районы прокуроры, 2-сектор басшысы К.Хасанов Таллыөзек мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы кем тәмийинлеген, көп балалы шаңсрақлардан хабар алып, оларға байрам саўғаларын тапсырды.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
1.4K views12:13
Ochish/sharhlash
2022-09-01 15:08:13
Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққындағы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманында
Қарақалпақстан Республикасындағы жас исбилерменлерге өндирис ҳәм хызмет көрсетиў ушын зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыў мақсетинде Ҳүкимет комиссиясының қарарына тийкарланып тиккелей, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры арқалы 7 жыл мүддетке қарыз қаржылары ажыратылатуғынлығы белиглеп қойылған.
1.3K views12:08
Ochish/sharhlash
2022-09-01 15:00:51
#Ğáresizlik_bayramı
#uzb_31

Ózbekstan jaslar awqamı Moynaq rayonlıq Sárdarlar Keńesi tárepinen Watanımız Ǵáresizliginiń 31 jıllıǵı múnásibeti menen "Jańa Ózbekstanda el áziz, insan áziz!" súreni menen "Ǵáresizlik sharapatlı lentası" akciyası shólkemlestirildi hám Sárdarlar rayon turǵınların bayram menen qızǵın qutlıqlap, ózgeshe bayram keypiyatın baǵıshladı.

t.me/Jaslarnews1
1.3K views12:00
Ochish/sharhlash
2022-08-31 21:29:39
Мойнақ районы 1-секторға бириктирилген Тикөзек аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың ҳалынан хабар алынып, жәрдем есабында Мойнақ районы ҳәкими, 1-сектор басшысы Б.Менглибеков тәрепинен азық-аўқат өнимлери берилди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
1.0K views18:29
Ochish/sharhlash
2022-08-31 21:15:12
#Қутлықлаў

Мойнақ районы "Арал" мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Алиева Бибиназ Майрамбай қызы Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтына грант тийкарында студентликке қабыл етилди.

Б.Алиеваны жетискенлиги қызғын қутлықлап,  өз қәнигелигиниң жетик маманы болыўына тилеклеслик билдиремиз.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
1.2K viewsedited  18:15
Ochish/sharhlash
2022-08-31 21:02:29
Мәмлекетимиз ғәрезсизлиги байрамы мүнәсибети менен Бозатаў аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары ушын арзанластырылған азық-аўкат ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
1.2K views18:02
Ochish/sharhlash
2022-08-31 20:14:51
Мойнақ районы ҳәкимлиги тәрепинен быйыл қазақдәрьялы Несипбай Ибрагимовтың турақ жайы исленди. Бул үйдиң қурылыс жумысларында "Қазақдәрья" сайлаў округи депутаты Генжемурат Турымбетов бас болып жүрди. Сол ўақытта депутат Г.Турымбетов Н.Ибрагимовтың таза турақ жайына үй буйымларын әперип, жаңа гилемлер төсеп бериўди кеўлине нийет етип түйип қойды. Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы қарсаңында депутат Г.Турымбетов кеўлиндеги нийетин әмелге асырып,  Н.Ибрагимовтың шаңарағына байрам саўғаларын тапсырып қуўантты.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
1.6K views17:14
Ochish/sharhlash