Get Mystery Box with random crypto!

#тәрбия ШАҢАРАҚ СЫРЛАРЫН САҚЛАЎ Бир шаңарақта ерли-зай | Kewil aynasi (Qalb ko'zgusi)

#тәрбия

ШАҢАРАҚ СЫРЛАРЫН САҚЛАЎ

Бир шаңарақта ерли-зайыплы арасында келиспеўшилик шығып, ҳаял жылап отырған еди. Сол ўақытта есик қағылды. Барып қараса, ҳаялдың үйиндегилер мийманға келген екен.
Үйиндегилер қараса, перзенти көзинде жас пенен турыпты. Оның себебин сораған еди, ҳаял: "Сизлерди еслеп отырып, көзиме жас келди. Қәне енди сизлерди көрсем, деп ойлап турған едим. Қудайға шүкир, мине сизлерди көриўди Аллаҳ таала несип етти", деди.
Күйеўи ҳаялының бул сөзлерин еситип, ҳаялына болған меҳир-муҳаббаты күшейди ҳәм ерли-зайыплы ортасындағы сырларын сақлағаны ушын шад болып, кеўли толды.


https://t.me/kewilaynasi