Get Mystery Box with random crypto!

KarOne.uz | Рәсмий канал

Telegram kanalining logotibi karoneuz — KarOne.uz | Рәсмий канал K
Telegram kanalining logotibi karoneuz — KarOne.uz | Рәсмий канал
Kanal manzili: @karoneuz
Toifalar: Bloglar , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 4.27K
Kanalning ta’rifi

http://karone.uz сайтының рәсмий телеграм каналы!
Сайт: https://karone.uz
Facebook: fb.com/karoneuz
Instagram: instagram.com/karoneuz
YouTube: youtube.com/@karoneuz
📬 Бизге мүрәжат @karoneuz_bot

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

1


Oxirgi xabar 8

2022-04-25 12:44:57 Быйылғы жылы да абитуриентлер 5 пәннен тест тапсырады.

Максимал балл - 189 балл. Мәжбурий пәнлер блоктағы дурыс жуўапларға алдынғы жылға қарағанда аз балл бериледи.

KarOne.uz | Сиз күткен формат!
7.5K views09:44
Ochish/sharhlash
2022-04-25 12:36:19 Абитуриентлер дыққатына: Тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы оқыў орынларына оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекет комиссиясының 13-сан баяны менен 2022-2023-оқыў жылы ушын республика жоқары оқыў орынларының бакалавриат оқыў бағдарларына мас тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тест тапсырмалары саны ҳәм де баҳалаў критерялары тастыйықланды.

Тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тест тапсырмалары саны ҳәм де баҳалаў критерялары менен жоқарыдағы pdf файлда танысыўыңыз мүмкин.

KarOne.uz | Сиз күткен формат!
7.7K views09:36
Ochish/sharhlash
2022-04-25 12:28:02
Кегейлиниң айырым орынларында кешке шекем «свет» өшеди

Толық – https://karone.uz/p/1398

KarOne.uz | Сиз күткен формат!

Telegram | Instagram | YouTube
7.1K views09:28
Ochish/sharhlash
2022-04-25 11:57:02
Ажырасыў алдында турған шаңарақ жарастырылды

Толық – https://karone.uz/p/1397

KarOne.uz | Сиз күткен формат!

Telegram | Instagram | YouTube
7.3K views08:57
Ochish/sharhlash
2022-04-24 18:44:12
Алишер Кадиров «Миллион» командасының ҳәзилине мүнәсибет билдирди

«Салықлар мәмлекетти қүдиретли етеди. Қүдиретли мәмлекет пуқараларының мийнети ҳеш қашан арзан болмайды... «Миллион»ның мәсләҳәтине әмел етип, көзи қызарған 3 миллион қара көзлеримизди тыныш қоямыз, олар жаратқанның панасында болсын.

Бирақ, «көзи қызармаған» шет елдеги ўатанласларымыздың Өзбекстан ушын қайғырыўына ҳеш қашан гүман етпеймиз. Миллий раўажланыў ушын тек Алишерлер емес, миллионлар бирдей ойлаўы керек»,- дейди ол.

Ескертип өтемиз, алдынлаў Алишер Кадиров өз сайлаў бағдарламасында мийнет мигрантларын салыққа тартыў кереклигин айтқан еди.

KarOne.uz | Сиз күткен формат!
5.5K views15:44
Ochish/sharhlash
2022-04-24 18:12:49
Уйиңизге яки офисиңизге әжайып жалюзилерди орнатыўды қәлейсизбе?

COMBO №1 жалюзи кәрханасы сизге арзан баҳада ҳәм де ҳәр қыйлы түрдеги әжайып жалюзилерин усынады.

Кәрханамызға келип 20 минут ишинде таярлатып кетсеңиз болады;
Өлшеў ҳәм орнатыў қала ишинде БИЙПУЛ;
Жалюзилердиң сапасына кепиллик бериледи.

Соның менен бирге ДИЛЛЕРЛЕРимизди бирге ислеўге шақырамыз.

Мәнзил: Саранча, Хожели жолдың бойы, COMBO №1 жалюзи дүканы.
Бағдар: Саранча метан заправкасы қарама-қарсысы.
Мағлыўмат ушын: +998907356006
+998975087007

Бизде ҳәммеси ТЕЗ, АРЗАН ҳәм САПА бирлиги жоқары орынға қойылған!

https://t.me/nukusjalyuzi
5.5K views15:12
Ochish/sharhlash
2022-04-24 14:26:02
Магистратураға қабыллаўда әҳмийетли өзгерис болыўы күтилмекте

Толық – https://karone.uz/p/1395

KarOne.uz | Сиз күткен формат!

Telegram | Instagram | YouTube
6.4K views11:26
Ochish/sharhlash
2022-04-24 13:54:57
«Гуанжоу» клиникасының жуўапкерлери ҳәм хызметкерлерине жынаят иси ашылды

Клиниканың Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардағы филиалларында келип шығыўы ҳәм жарамлылығы намәлим болған дәрилер табылған. Наўқасларға қан анализлери үйренилмей, диагностикалық тексериўлер өткерилместен, тек ғана сыртқы көзден өткериў бойынша диагноз қойылған.

Ташкент қалалық Ишки ислер бас басқармасының мәлим етиўинше, клиниканың жуўапкер тәреплери ҳәм хызметкерлерине жынаят иси ашылған.

KarOne.uz | Сиз күткен формат!
6.9K views10:54
Ochish/sharhlash
2022-04-24 09:19:02
Ески үлгидеги банкноталар қашан айланыстан шығарылыўы мәлим етилди

Толық – https://karone.uz/p/1394

KarOne.uz | Сиз күткен формат!

Telegram | Instagram | YouTube
7.3K views06:19
Ochish/sharhlash
2022-04-23 14:39:02
Мойнақта өткерилетуғын «СТИХИЯ-2022» халықаралық электрон музыкалар фестивалының бюджети мәлим етилди

Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 6-8-май күнлери Мойнақ қаласында нәўбеттеги «СТИХИЯ-2022» халықаралық электрон музыкалар фестивалы болып өтеди.

Бағдарламаға муўапық, фестивальда техно, прогрессив ҳәм этно сахналар қурылады. Музыкантлардың саны өткен жыллардағыға салыстырғанда 5 есеге, фестивальға келетуғын мийманлар саны да 2 есеге көп болыўы күтилмекте.

Фестиваль шеңберинде Мойнақты раўажландырыўға бағдарланған қосымша жойбарлар әмелге асырылады.

«Karakalpakstan.Travel» каналының мәлим етиўинше, жойбардың улыўмалық бюджети 120 мың АҚШ долларын қурайды.

@karinformuz

KarOne.uz | Сиз күткен формат!
6.2K views11:39
Ochish/sharhlash