Get Mystery Box with random crypto!

Нөкистеги шайханада келип шыққан өрт бойынша рәсмий мағлыўмат | KarOne.uz | Рәсмий канал

Нөкистеги шайханада келип шыққан өрт бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының «101» қысқа номерине усы жылы 30-апрель саат 08:45 те Нөкис қаласы «Жуўазшы» МПЖ «Жойбардағы» көшеде 1961-жыл туўылған пуқараға тийисли шайханада өрт келип шыққанлығы бойынша хабар келип түсти. Өрт Айрықша жағдайлар басқармасының жәми 7 өрт-қутқарыў экипажы тәрепинен сапластырылған.

Дене жарақатын алған ҳәм қайтыс болған пуқаралар жоқ.

Өрттиң анық себеби ҳәм материаллық зыян сорастырыў даўамында анықланады.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

KarOne.uz | Сиз күткен формат!