Get Mystery Box with random crypto!

Исбилерменлер дыққатына!!! Ҳүрметли исбилерменлер өз бизнесиӊ | KarOne.uz | Рәсмий канал

Исбилерменлер дыққатына!!!

Ҳүрметли исбилерменлер өз бизнесиӊизди раўажландырыў мақсетинде орнатқан реклама конструкцияларыӊызды нызамға муўапықластырып алыўыӊыз соралады.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша Автомобиль жоллары бойында 700 ден аслам нызамсыз орнатылған реклама объектлери (конструкциялары) бар екенлиги анықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ 01-07/7-12/390-санлы хаты менен Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлерине нызамсыз деп табылған реклама объектлери усы жылдыӊ 10-декабрь сәнесине шекем нызам ҳүжжетлерине муўапықластырып рәсмийлестирилиў кереклиги ескертилген еди.

Егер, өз ўақтында реклама объектлери нызам ҳүжжетлерине муўапықластырып рәсмийлестирилмеген болса белгиленген тәртипте бузылатуғынлығын ескертемиз.

Байланыс ушын: Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы, Хожели гузары 16-үй.
Телефон: 61-225-13-44, 90-709-40-00, 97-505-40-00

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети

@KarOneUz | Сиз күткен формат!