Get Mystery Box with random crypto!

Арал теӊизи ҳаққында қысқаметражлы ҳүжжетли фильм ислеп шығылд | karakalpakstan.travel

Арал теӊизи ҳаққында қысқаметражлы ҳүжжетли фильм ислеп шығылды

Уллы Британияныӊ саяхат тараўына арналған “Decouvrir la vie” онлайн платформасыныӊ дөретиўшилик топары тәрепинен “Mission: Find Aral” деп аталған Арал теӊизи ҳаққында қысқаметражлы ҳүжжетли фильм ислеп шығылды. Фильмде жергиликли турғынлар ҳәм тараў ўәқиллери өтмиште теӊиз бенен байланыслы болған өмири, соныӊ менен бирге бүгинги күнде теӊиздиӊ қурып кетиў ҳәм оныӊ ақыбетлери ҳаққында өзлериниӊ пикирлерин билдиреди.

Мағлыўмат сыпатында: 2020-жыл декабрь айында “Decouvrir la vie” дөретиўшилик топары Қарақалпақстан Республикасында рәсмий сапарда болды. Сапар даўамында шет елли ҒХҚ ўакиллери ушын Қарақалпақстан Республикасы туризмди раўажландырыў басқармасы тәрепинен пресс-тур шөлкемлестирилген еди.

t.me/karakalpakstantravel

Karakalpakstan.travel|Telegram|Facebook|Instagram|YouTube|