Get Mystery Box with random crypto!

1-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мә | karakalpakstan.travel

1-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында Жоқарғы Кеңес жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти. Таңлаў нәтийжесинде жеңимпазлар бир қатар номинациялар бойынша грант сыйлықларын қолға киргизди. Солар қатарында Исбилерменлик ҳәрекети Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы Кегейли районлық бөлиминиң "Өзбекстан бойлап саяхат ет" атамасындағы жойбары жеңимпаз болып грант ийесине айланды.
Жойбардың тийкарғы мақсети жергиликли нураныйлар ушын Өзбекстанның тарихый орынлары, атап айтқанда Хиўа, Бухара, Самарқанд ҳәмде Мойнақ қалаларына саяхатларды шөлкемлестириўден ибәрат.

t.me/karakalpakstantravel

Karakalpakstan.travel|Telegram|Facebook|Instagram|YouTube|