Get Mystery Box with random crypto!

Ассалаўма әлейкүм қәдири бәлент каналымыз ағзалары! 5-май Өзбе | Ибрайым Юсупов

Ассалаўма әлейкүм қәдири бәлент каналымыз ағзалары!
5-май Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ҳалық шайыры, Поэзия байтереги,
Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Ибрайым Юсупов атамыздың туўылған күни!
Ҳеш қашан сөнбес Поэзия жулдызының "93 жыллығы" менен бәрше каналымыз ағзаларын шын кеўилден қутлықлаймыз!
Аязий атамыздың жатқан жери женнети, топырағы торқа болсын!
Бәрше шәкиртлерине руўхлары яр болып, исин даўам еттириўши инсанларға шайыр атамыздың шарапаты тийсин!

Жасыл жапырақ самал менен ойнаса,
Ашықлық ышқыдан кеўил тоймаса,
Гүллер ғумшаланса, бүлбүл сайраса,
Сен жанасаң поэзия жулдызы.

Сиз ҳәмийше қәлбимизде жасайсыз!

Каналымыз - https://t.me/ibrayim_yusupov