Get Mystery Box with random crypto!

Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Өзбекс | Даўлетмурат Тажимуратов

Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан Көзи әззилер жәмийетиниң 90 жыллығы, сондай-ақ, Жәмийеттиң Қарақалпақстан бөлиминиң 85 жыллығы кеӊ түрде белгиленди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниӊ көзи әззилер жәмийетине жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.

Cондай-ақ, тараўларда нәтийжели мийнет етип, елимиздиң гүллеп-раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып атырған инсанларға Карақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ арнаўлы Президиумы қарары тийкарында “Ардақлы нураный” ҳәм “Ўатан пидайысы” көкирек белгилери тапсырылды.

Илажда көзи әззилер жәмийетинде пидайы мийнет етип атырған бир қатар хызметкерлерге Министрлер Кеӊесиниӊ ҳүрмет жарлықлары, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.

Илаж Қарақалпақстан көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Толық мағлыўмат