2022-02-08 09:12:35
Қыс сулыў-ғой, қыраўлы қар сәҳәрде,
Гүл сулыў-ғой, ашылысқан бәҳәрде,
Жазым сулыў, аўылда да, шәҳәрде,
Қырман тасқан, сары алтын гүз сулыў.
Жоллар сулыў, көлдиң бойы, ағыслы,
Қоллар сулыў, он саўсағы нағыслы,
Аўдар-төңкер еткен қыя бағыслы,
Меҳир менен күлимлеген жүз сулыў.
Шөбим сулыў, ўатанымда майсадай,
Сулыў және, бир жалт еткен найзағай,
Кирпик сулыў, нышан тапқан найзадай,
Қәлиб төрин көре билген көз сулыў.
Артық кетпей, өсек қуўып шубартып,
Тыйған сулыў, өз орнында тубартып,
Ашық ярын ынтық етип, қумартып,
Ийбе сақлап, айтылмаған сөз сулыў.
Келте көйлек сулыў дей ме?... Гийнели,
Патлыйытқан он еки мүше, сийнени,
Ушығаға артық жумсап ийнени,
Тобық үсти, боялмаған бөз сулыў.
Тәрезиде тең пәллели тас сулыў,
Адасқанда ақыл айтар бас сулыў,
Қуўаныштан көзден аққан жас сулыў,
Бәринен де, қәддин билген "өз" сулыў.
#Айдын
28 viewsDONY To'lebaev, 06:12