Get Mystery Box with random crypto!

Узгидрометеорология орайының хабарына көре, 11-18-январь күнле | Turdiev Baybosın

Узгидрометеорология орайының хабарына көре, 11-18-январь күнлери республикамызда күндизги ўақытлары ҳаўа-райының кескин төменлеп кетпейтуғынлығын есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары менен барлық  улыўма орта билим бериў мектеплеринде дәстүрий оқыў процеси ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мекемелериниң жумысы 2023-жылдың 12-январь күнинен басланады.

Соныда айрықша атап өтиў орынлы, 12-18-январь күнлери барлық оқыў орынларында ҳәр қандай мәжилислер, илажлар, оқыўшылар ушын қосымша дөгереклер, спорт жарыслары ҳәм де басқа да жыйналыслар өткериў қадаған етиледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter

https://t.me/Baybosin_Turdiev