Get Mystery Box with random crypto!

Бабажан оянды халқың бүгинде, Руўхында басланды жанлы қозғалаң | 🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹

Бабажан оянды халқың бүгинде,
Руўхында басланды жанлы қозғалаң
Қорған салмасақта молла Пиримге
Сыйырып тасланды пердели думан.

Сыртыңнан оқ атқан сатқын бийлердиң
Зуряды еле де үстин болмақшы
Ойламай ығбалың бахтын елиниң
Ҳужданы еркине буғаў салмақшы.

Бабажан руўҳың қолласын бизди
Бул истен қайтпаймыз гелле кетседе,
Ҳәр демде сыйынып еслеймиз сизди
Айланып суверенли еркин елине.

@AZATLIKKANALI