Get Mystery Box with random crypto!

ДАУЛЕТМУРАТ ТАЖИМУРАТОВҚА АҒАМАУ Ағзамларды қорқынышқа басты | 🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹

ДАУЛЕТМУРАТ ТАЖИМУРАТОВҚА

АҒАМАУ

Ағзамларды қорқынышқа бастырдың
Уйқлап жатқан елдиң көзин аштырдың
Табан тиреп қас дұшпанға қас турдың
Ерлигиңди умытпаймыз ағамау

Енди халық көзинде үмит сөнбес
Сени терорист деседе исенбес
Қайсар халық енди хорлыққа көнбес
Беглигиңди умытпаймыз ағамау

Дузақ салып қыйнасада залымлар
Дедиң елим ушын өлмес жаным бар
Бир халқым ушын алар қаным бар
Деп душпанды сескендирдиң ағамау

Белге беккем бууып намыс хәм арын
Ертеңги күн болмасын деп жалтығың
Қул болмасын дейип Қарақалпағым
Арысландай айбат шеккен ағамау

*
Куйип жандың күн тунде
Адилсизлик дартинде
Мартилигиң сақланады
Ел-халқыңның қалбинде

Қаст қылғанлар хор болар
Еле бәри зор болар
Ығбал бизге жорғалар
Арысландай ағамау

Дауамы бар