Get Mystery Box with random crypto!

Нөкис районы прокуроры, ИИБ баслығы ҳәм район белсендилери тәр | Aqmańǵıt News Rásmiy kanal

Нөкис районы прокуроры, ИИБ баслығы ҳәм район белсендилери тәрепинен райондағы шөлкемлерде, атап айтқанда, район медицина бирлеспеси ҳәм салық инспекциясы хызметкерлери арасында Өзбекстан Республикасы Конституциясына киритилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалардың тийкарғы мәниси, Бас нызамымыз жүзесинен улыўма халықлық додалаў өткериў тәртиби ҳаққында түсиндириў жумыслары әмелге асырылмақта. Ушырасыўлар даўамында жойбар бойынша хызметкерлер тәрепинен келтирилген усыныслар тыңланды.