Get Mystery Box with random crypto!

Бүгин, Нөкис районында 'Жаңа Өзбекстан-инсан қәдири ардақланғ | Aqmańǵıt News Rásmiy kanal

Бүгин, Нөкис районында "Жаңа Өзбекстан-инсан қәдири ардақланған журт" сүрени астында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан мәденият ҳәм көркем-өнер хызметкерлери, жазыўшы ҳәм шайырлардан ибарат бир топар дөретиўши инсанлар, районымызда мийманда болды.

Мийманларды район ҳәкиминиң орынбасары П.Махсетбаев күтип алды.

Мийманлар сапары даўамында “Ақмаӊғыт” ППЖ аймағындағы пуқаралар менен ушырасып, өзлериниң дөретиўшилиги, шайыр, жазыўшылар өз қәлемине тийисли шығармаларынан үзиндилер оқыды. Буннан соң илаж қатнасыўшыларына елимизге белгили мәденият ҳәм көркем-өнер хызметкерлериниң концерт бағдарламалары усынылды. Бул байрам кешеси жудә көтериңкилик руўхта болып өтти.

Келген мийманларға район ҳәкимлиги тәрепинен өз миннетдаршылығымызды билдиремиз, дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеймиз.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.me/Aqmangituz