Get Mystery Box with random crypto!

«Адам үлкейген сайын жас баладай болып қалады» деген сөз рас е | alberuniy.uz| Rásmiy kanal

«Адам үлкейген сайын жас баладай болып қалады» деген сөз рас екен. Олар тез ренжийди, кишкене бала ўақтымыздағы өзимиз сыяқлы, сәл ғана нәрсеге өкпесин айтып, қапа болып қалады. Бирақ олар бала гезимизде бизиң асты-үстимизге түсип әлпешлеген еди. Бүлдирип қойсақ та, аўқат төгип алсақ та, ҳеш мәлелленбей тазалап, еркелетип еди. Сүрнигип жығылып қалмасын, бир жерин жарақатлап алмасын деп тыным таппай изимизде жүрди солай емес пе?

   Ал, енди қартайған шағында...
Барлық нәрсени өзимиз шешип,
Барлығын өзимиз билип,
"Сиз барып жата бериң"
"Сиз араласпай-ақ қойың"
деп кеўлине тийип қай жерге асығамыз?

    Жас үлкен адам ушын ең үлкен азап – ҳеш кимге керек болмай қалыўы. Ең қыйыны, туўған бала-шағасына керек болмай, нәзерден, бир аўыз жыллы сөзден шетте қалыў. Өзин артықша адамдай сезиниў...

Сонлықтан УЛ ПЕРЗЕНТ ӘКЕСИНЕН:

Аға, көлик алайын деп едим, қандайын алғаным жақсы болады?

Аға, быйыл мына үйди кеңейтсек қалай болады?

Аға, әтираптағы шөпти қашан алайық?
деген сыяқлы үйдеги шарўаларды сорап, ақылласып турса;

КЕЛИН ЕНЕСИНЕН:

Апа, соңғы ўақытлары аўқат писиргенимде гөши қатты болып жүр. Жумсақ болып писиўи ушын не ислеў керек?

Апа, ашып кеткен сүтти не ислейин, төгип таслайын ба?

Апа, қоңсылар кешке қонаққа шақырған. Не алып барайын? Мазалы бир нәрсе алайын ба?
деген сыяқлы сораўларды қойып, олардың пикириниң, ойының мазмунлы екенин билдирип турса, оларға мийирбаншылық пенен қараса, ата-ана ушын буннан асқан бахыт, буннан асқан шадлық жоқ!

   Жас үлкенлеримизди сыйлайық, бәлким бизиң исимиздиң оңына баслап, жолымыздың ашылыўы - солардың пәтиясының шарапаты себеп болып турған шығар?!.


Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA