Get Mystery Box with random crypto!

   Көп адамның болайын деп турған исиниң болмай қалып, жүрисей | alberuniy.uz| Rásmiy kanal

   Көп адамның болайын деп турған исиниң болмай қалып, жүрисейин деп турған жумысының жүрмей қалатуғыны ата-анасын ренжитип алыўынан болады екен.
   Ата-ананың қас-қабағына қарап, кеўлин табыў – бул өмирдеги ең мазмунлы ҳәм қайырлы әмеллердиң бири. Себеби, Қураны кәримде: Өзине ғана қулшылық қылыўды айтқаннан кейин бирден ата-анаға жақсылық қылыўды буйырған.
   Ал, Пайғамбарымыз алайҳиссалам:
  «Аллаҳ тааланың разылығы - ата-ананың разылығында, Аллаҳ тааланың ғәзеби - ата-ананың ғәзебинде», - дейди. (Термизий)
   Жер бетинде ата-ананың ҳақ пәтиясы, олардың пәк кеўлинен шыққан тап-таза тилеги шеше алмайтуғын мәселе жоқ. Биз бас қатырып жүрген көп мәселениң түйини усы жерден шешиледи. Ата-ананың пәтиясы –
жабылған есисклерди ашады, сөнген шырақты қайта жағады! Енди, бәле-жала, жаманлықтан, биреўдиң зулымлық ислеп, кесири тийиўинен аман боламан десеңиз, үйдеги жас үлкенлерди қуўантырыўға асығың. Солардың мийриминен, елжиреп маңлайыңыздан сүйгенин көриўге барыңызды аямаң.

t.me/alberuniyuz