Get Mystery Box with random crypto!

#Сапар_айы_жақсылық_айы ПАЙҒАМБАРЫМЫЗ ЖАҚСЫЛЫҚ АЙЫ ДЕП А | alberuniy.uz| Rásmiy kanal

#Сапар_айы_жақсылық_айы

ПАЙҒАМБАРЫМЫЗ ЖАҚСЫЛЫҚ АЙЫ ДЕП АТАҒАН АЙ МҮБӘРЕК БОЛСЫН

Сапар айы — жақсылық айы. Басқа айларда оқылатуғын дуўалар менен ибадатлармыз бул айда да тап сол қәлпинде орынланады.

Улыўма сапар айында: «Аллооҳуммә фаррижнәә бидухулис-софәри ўәхтим ләнәә билхойри ўәз-зафәри»,

Мәниси: «Аллаҳым, сапар айы кириўи менен бизге қуўаныш несип ет. Ол айда жақсылық пенен, сондай-ақ, жеңис пенен шығыўды несип еткейсең», – деп дуўа етиўде зор мәни бар.

Соның менен бирге, өзге айлардағыдай бул айда да айдың басында, ортасында ҳәм соңында үш күн нәпил ораза тутыўға болады. Бир күн нәпил ораза тутыўға да болады. Бул туўралы ҳәдиси шәрийфте Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам: «Ай сайын үш күн ораза тутыў — жыл бойы ораза тутқан менен тең» (Имам Бухарый Имам Муслим рәўият еткен) – деп, биз үмметлерди саўаплы әмеллерди қылыўға шақырған.

Сондай-ақ, елди бирликке, аўызбиршиликке шақырып, татыўластырыў, наўқасларымыздың ҳалынан хабар алып, олардың ҳал-жағдайын билиў, ата-ана, ағайин-туўысқанлар менен татыў болыў ҳәм жағдайы төмен шаңарақларға қол ушын берип, қайырқомлық қылыў үлкен саўап.

Бәршемиздиң мүбәрек сапар айында қылған ийгиликли әмеллеримизди, ибадтларымызды, дуўа-тилеклеримизди Аллаҳ таала қабыл еткей. Әмийн!


Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/paziyletuz