Get Mystery Box with random crypto!

'ЖАҚСЫ ИСЛЕР АДАМҒА ШЫРАЙ БЕРЕДИ!' Саҳабалардың бири Ибн А | alberuniy.uz| Rásmiy kanal

"ЖАҚСЫ ИСЛЕР АДАМҒА ШЫРАЙ БЕРЕДИ!"

Саҳабалардың бири Ибн Аббас разыяллаҳу анҳу былай деген:
Жақсы ислер:
Адамның жүзине нур береди, түр-түсин шырайлырандырады,
Қәлбине жылыў;
Денесине күш-қуўат берип,
Ырысқы-несийбесин мол қылады ҳәм адамлардың оған деген меҳир-муҳаббатын арттырады,
ондай адамды барлық жаратылыс жақсы көрип турады. Оның адамлар арасындағы қәдири, ҳүрмети артады!

Ал жаман ис (гүна):
адамның жүзине қаттылық, суўықлық берип,
қәлбин қарайтады,
өзин ҳәлсизликке урынтырып, несийбесиниң кемейиўине алып келеди.
Соның менен бундай адамның мал-мүлки азайып, шығыны көбейе береди.

Расында да, гейде бир адамларды көрип кеўлиң көтериледи. Саған ҳеш нәрсе ислемесе де сыртынан жақсы көрип турасаң, оған деген меҳир-муҳаббатың оянады. Соның менен араласқың, дос болғың келеди. Ата-бабаларымыз «Түр-түси жақсы адамнан түңилме» деп соның ушын айтқан екен ғой!
_______________

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA