Get Mystery Box with random crypto!

#түн ҳикмети «Зайнул-Ъабидин» деп аталған Әли ибн Ҳусайн разы | alberuniy.uz| Rásmiy kanal

#түн ҳикмети

«Зайнул-Ъабидин» деп аталған Әли ибн Ҳусайн разыяллаҳу анҳу бир қалта азықты ийнине салып алып, адам-бендениң көзине түспей, қараңғы түнде гедей-кепшиклердиң үйин аралап шығатуғын еди. Ол нәсият сөзлеринде «Түнниң қараңғысында берилген садақа Раббиңниң ғәзебин өширеди» дейди екен.
Қаладағы гедейлер өзлериниң күнделикли жейтуғын азығын ким әкелип берип кететуғынын биле алмай таң қалып жүреди екен. Усындай түнлердиң биринде босағаларға нан қойып кететуғын белгисиз адам келмей қалады. Өйткени, Пайғамбарымыз алайҳиссаламның ақлығы Әли ибн Ҳусайн разыяллаҳу анҳу қайтыс болған еди. Оның өли денесин көргенде өмир бойы арқалап өткен қапшықтың изи ийнин қыйып таслаған екен. Түн қараңғылығын жамылып, қаладағы жүз гедей шаңарағына жасырын азық таслап кететуғын белгисиз адамның ким екенлигин адамлар ол қайтыс болғаннан соң ғана биледи...

____________________________
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz