2020-08-12 17:26:43
15-августтан баслап:
автотранспортта күн даўамында жүриў мүмкин болады;
жергиликли авиарейслар ҳәм темир жол қатнаўларына рухсат бериледи;
үйде 30 адамлық шаңараққа тийисли дәстүрлер өткериў мүмкин болады (белгиленген талаплар тийкарында);
ашық ҳаўада хызмет көрсететуғын улыўма аўқатланыў объектлери, шаштәрезханалар, гөззаллық салонлары, мийманханалар, музейлер, балалар дем алыў орынлары, атыз-ҳәўлилер ижарасы, цанаториялар искерлиги де тикленеди.
17- августтан баслап:
жәмийетлик транспорт (Метрополитеннен тысқары ) ҳәрекети тикленеди;
аймақлар ортасында автотранспорт қатнаўы ҳәм қала әтирапындағы автобуслар қатнаўы қайта жолға қойылады.
20-августтан баслап:
буйым ҳәм қурылыс өнимлери базарлары, ири саўда дүканлары ашылады;
спорт заллары, фитнес клуб ҳәм бассейнлер ислей баслайды.
«Карантин талаплары жумсартылып атырған болса да, бәршемиз социаллық аралықты сақлаў, маска тағыў, дезинфекция ҳәм басқа санитария -гигиена талапларына сөзсиз әмел етиўимиз, алдын жол қойған қәтелерди тәкирарламаўымыз керек», - деди Шавкат Мирзиёев.
130 viewsEʟᴍᴜʀᴏᴅ Sᴜʟᴛᴀɴᴏᴠ, edited 14:26