Get Mystery Box with random crypto!

Свет ҳәм газдың қымбатлаўы себепли кем тәмийинленген ҳәм айыры | XALÍQ USHÍN ⚖️

Свет ҳәм газдың қымбатлаўы себепли кем тәмийинленген ҳәм айырым жәрдемге мүтәж шаңарақларға мәмлекет тәрепинен компенсация бериледи

Ҳүкиметтиң 16.04.2024-жылдағы 204-санлы қарарына тийкар, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ушын октябрь-февраль айларында кем тәмийинленген ҳәм айырым жәрдемге мүтәж шаңарақларға төмендеги компенсациялар төленеди:

ноябрь айында бир мәртелик 270 мың сумлық жәрдем пулы;

тәбийий газден 500 куб метрден артық пайдаланған 250 куб метрге шекемги бөлегине;

электр энергиясынан 200 кВт/сааттан артық пайдаланған 150 кВт/ссатқа шекемги бөлегине компенсация төленеди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin