Get Mystery Box with random crypto!

«Жаслар дәптери»не киргизилген жасларға бир мәртелик материалл | XALÍQ USHÍN ⚖️

«Жаслар дәптери»не киргизилген жасларға бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи

«Жаслар дәптери»не киргизилген материаллық жағдайы аўыр
жасларға берилетуғын пуллы жәрдемниң анық муғдары олардың турмыслық жағдайының қурамалылығынан келип шығып базалық есаплаў муғдарының 4 есесине (1 360 000 сумға) шекемги муғдарда Қәўендерлик кеңеси қарарына муўапық төленеди.

Бир мәртелик материаллық жәрдем алыў ушын дәптерге киргизилген жас пуқара өзиниң жасаў аймағындағы пуқаралар жыйынының жаслар жетекшисине арза береди.

Арза қарап шығылып, пулды ажыратыў ҳаққында Қәўендерлик кеңесиниң қарары қабыл етилсе, 16 күнниң ишинде жас пуқараға тийисли пул Халық банки тәрепинен нақ ямаса нақ емес формада ажыратылады.

Бир мәртелик материаллық жәрдем төмендеги жасларға биринши нәўбетте ажыратылады:

бағыўшысын жоғалтқан ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған социаллық қорғаўға мүтәж жасларға;

өзгелер ғамхорлығына мүтәж болған жумысқа жарамсыз жасларға;

I ҳәм II топар майыплығы болған жасларға;

қарамағында майыплығы болған баласы бар жас шаңараққа (ерли-зайыплының бирине);

ата-аналарынан биреўи I ямаса II топар майыплығы болған, екиншиси болса жумысын тоқтатқан ҳалда наўқасқа қараўға мәжбүр болған ямаса ата-анасының екеўи де I яки II топар майыплығы болған жасларға;

тәбийғый апатлар, авариялар, өрт ҳәм басқа айрықша жағдайлар ақыбетинде өмирине, ден саўлығына, мүлкине зыян тийген жасларға.

Жасларға бир мәртелик материаллық жәрдемниң берилиўи оларды «Жаслар дәптери»нен шығарыў ушын себеп болмайды.

Бир мәртелик материаллық жәрдем бир адамға жылына тек бир мәрте бериледи.

«Жаслар дәптери» бойынша қосымша мағлыўмат мына силтемелерде берилген https://t.me/xaliq_ushin/2077 ҳәм https://t.me/xaliq_ushin/2078.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin