Get Mystery Box with random crypto!

Эльмира Сагалатдинова

Telegram kanalining logotibi xalabbay — Эльмира Сагалатдинова Э
Telegram kanalining logotibi xalabbay — Эльмира Сагалатдинова
Kanal manzili: @xalabbay
Toifalar: Telegram
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 2.83K
Kanalning ta’rifi

18 интернет журнал
Аллам ақ жүзимди жарық етсин! Ата-бабаларым руўхы қолласын! Алла билгиўшидир! Алладан ҳеш ким уллы емес! Дос-душпанға кулки қылмағайсаң мени жаратқан Аллахым.
Канал 26.05.2020
@XaLabbayBot

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

2

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-09-01 13:38:22
Нөкис қаласы көркин ҳәм шырайын велосипед пенен тамаша етиўшилер ушын исбилерменлик хызметлери жолға қойылған.

Каналға ағза болыў:https://t.me/nukuspress
682 viewsАлла мениң менен Э.Сагалатдинова, 10:38
Ochish/sharhlash
2022-09-01 13:37:32
#Онлайн

Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығына арналған
Нөкис қаласы аймақларында арзанластырылған аўыл хожалығы өнимлери ярмаркасы болып өтпекте.
Видео көринисти соңына шекем тамаша етиўиңизди усыныс етемиз. Себеби...

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:https://t.me/nukuspress
621 viewsАлла мениң менен Э.Сагалатдинова, 10:37
Ochish/sharhlash
2022-09-01 11:38:30
Ассалаўма алейкум,
ҳүрметли Ўатанласлар ҳәм қәдирли дослар!


Пүткил халқымызды ең уллы ҳәм ең әзиз байрам - Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы менен шын кеўилден қутлықлайман!
Быйылғы байрам илажлары «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында өткерилип, бәршени уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырмақта.
      Ҳүрметли Президентимиз атап өткениндей, бүгинги ең әҳмийетли ўазыйпамыз елимизде тынышлықты беккемлеў, турақлылықты тәмийинлеў, халқымыздың турмыс шараятын жақсылаў ҳәм оларды разы етиўден ибарат болып табылады.
Соңғы жылларда экономикамызды және де беккемлеў бағдарында алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде Нөкис қаласында көлемли жумыслар ҳәм әмелий илажлар алып барылмақта.
Бүгинги муқаддес ҳәм уллы байрам және бир мәрте бәршеңизге қутлы мүбәрек болып, елимиздиң буннан да гүллеп жаснаўы жолында талмас күш-жигер, ырысқы-несийбе ҳәм мол бахыт тилеймен.
Утемурат Панаев,
Нөкис қаласы ҳәкими

Каналға ағза болыў:https://t.me/nukuspress
970 viewsАлла мениң менен Э.Сагалатдинова, 08:38
Ochish/sharhlash
2022-08-31 19:40:26
Нөкис қаласы ҳәкими Утемурат Панаев Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри, генерал-лейтенант Т.А.Худайбергенов тәрепинен "Маҳалла ифтихори" көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Каналға ағза болыў:https://t.me/nukuspress
981 viewsАлла мениң менен Э.Сагалатдинова, 16:40
Ochish/sharhlash
2022-08-31 10:48:43
102 жаслы анаға «Шуҳрат» медалы тапсырылды

Елимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы байрамы алдынан Президентимиздиң пәрманы менен бир топар 100 жастан асқанлар «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған еди. Олардың арасында Нөкис қаласы турғыны 102 жасты қарсылаған Базар апа Бекбергенова да бар .
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ҳәм қала ҳәкими У.Панаев байрам алдынан нураний анамыздың шаңарағында болып, елимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы менен қутлықлады. Теберик анамызға «Шуҳрат» медалын ҳәм байрам саўғаларын тапсырды.
–Усы бахытлы күнлерге жеткергенине шүкиршилик етемен. Аспанымыз ашық, елимиз буннан да гүллеп-раўажлана берсин. Биз кекселерге көрсетилип атырған ғамқорлықтан разымыз,-деп өзиниң жақсы тилеклерин билдирди Базар апа Бекбергенова.
 
Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:https://t.me/nukuspress
1.5K viewsАлла мениң менен Э.Сагалатдинова, 07:48
Ochish/sharhlash
2022-08-30 20:38:18
Нөкис қаласы орайында жайласқан амфитеатрда Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллығына бағышланып өткерилип атырған "Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз" атамасындағы байрам салтанаты болып өтти.
Көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен таярланған тынышлықты, дослықты, миллетлер аралық татыўлықты сүўретлеўши қосықлар жыйналғанлардың кейпиятына кейпият қосты.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: https://t.me/nukuspress
1.7K viewsАлла мениң менен Э.Сагалатдинова, 17:38
Ochish/sharhlash
2022-08-30 12:45:26
Жақын күнлерде халқымыз ушын сюрприз

Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен жасаў заўқын, инсан қәдирин  сезиниң
Биз бенен бирге
Халық разылығы және де сизиң өмириңизди жақсы тәрепке өзгертиўде гуўасы болыўыңыз ушын биргеликте биз бенен қалың!

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:https://t.me/nukuspress
1.0K viewsАлла мениң менен Э.Сагалатдинова, 09:45
Ochish/sharhlash
2022-08-30 12:45:26
Нөкис қаласы ҳәкими басламасы менен жас жигит шет ел университетлериниң бирине студент болыў бахытына мияссар болды

Бүгин, Нөкис қаласы ҳәкими биринши орынбасары Камал Калимбетов пуқараларды қабыллады.
Келип түскен мүрәжатлардың унамлы шешиў ушын тийисли қәнигелерге тапсырмалар берилди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:https://t.me/nukuspress
1.0K viewsАлла мениң менен Э.Сагалатдинова, 09:45
Ochish/sharhlash
2022-08-29 23:01:25 Мен усы халықты жақсы көремен.
1.6K viewsАлла мениң менен Э.Сагалатдинова, 20:01
Ochish/sharhlash
2022-08-29 23:01:04
Бул халық әпиўайы, бирақ күшли адамлар.
Олардың тамыры сақлап қалынды. Ертеңги келешекке жарық жүз бенен қарай аламыз.
Ўатан ким ушын керек?
Усы әпиўайы адамлар ушын керек екенин тарийх дәлийледи!
Жақында бир сөз еситтип қалдым ҳәм жылай бердим жылай бердим.
Оғыры төмен шаңарақтың анасы былай айтыпты.
Егер сен тамырымыздың шабылыўына қарсы болмасаң мен ақ сүтимнен разы емеспен.
Өлсең сол тамыр ушын өл деген екен.
Қарақалпақтың мәрт ҳаяллары бар екенинен разы болып кетесең.

https://t.me/xalabbay
1.6K viewsАлла мениң менен Э.Сагалатдинова, 20:01
Ochish/sharhlash