Get Mystery Box with random crypto!

Партия Фракциясының гезектеги мәжилисинде бир қатар әҳмийетли | O'zLiDeP QR Ken'esi

Партия Фракциясының гезектеги мәжилисинде бир қатар әҳмийетли мәселелер қарап шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң киши мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Фракциясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O’zLiDeP Фракциясы баслығы Ш.Отемисов ҳәм фракция ағзалары, тийисли тараў басшылары қатнасты.

Фракция мәжилиси күн тәртибинде бир қатар мәселелер қарап шығылды.

Өткерилген мәжилисте халықты ишимлик суў менен тәмийинлеў бағдарында қурылыс-монтаж жумыслар ушын 58,2 млрд. сум муғдарында (70,3%) қаржыландырылып, белгиленген объектлерде жәми 51,7 млрд. сумлық (режеге салыстырғанда 62,5%) қурылыс-реконструкция жумыслары орынланғаны, яғный, бүгинги күнде Республикамыздың 38 мәҳәллесинде 237 км суў тармақлары курылып, 22292 пуқараныӊ ишимлик суў тәмийнаты жақсыланганлығы ҳаққында атап өтилди.

Сондай-ақ, газ тәмийинаты тармақларын оңлаў, реконструкциялаў, газ бөлистириў шақапшаларын оңлаў ҳәм хожалықларға қосымша суйылтырылған газ баллонлар ажыратыў бойынша 9 жойбарға 846,7 млн.сум белгиленип, бул режелер толығы менен орынланғанлығы мәлим етилди.
Фракция мәжилисинде депутатлар тәрепинен тараўларда орын алып атырған кемшиликлер сын кѳз қараста талқыланды. Мәжилис соӊында күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ гезектеги сессиясы күн тәртибине киргизиў ушын тийисли тәртипте усыныс киргизилди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter