Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық тех | 🌐 TO`RTKO`L_PRESS🇺🇿 (Rasmiy kanal)

Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы қабыл етилди.
Онда, Қарақалпақстан Республикасында аймақтың инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, жаслар бәнтлигин тәмийинлеў бағдары шеңберинде:
Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында жайласқан ҳәм усы аймақта жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ушын 2023-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекемги дәўирде:
пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы бойынша салық ставкалары 50 процентке азайтылған ҳалда;
социаллық салық азайтылып, 1 процент муғдарындағы салық ставкасында;
жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төленип атырған социаллық салық қалалар аймағында жумыс алып барып атырғанлар ушын 12 есеге, районлар аймағында жумыс алып барып атырғанлар ушын 6 есеге азайтылып, жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында белгиленди.