Get Mystery Box with random crypto!

Әзиз Ўатанласлар! Сизлерди, елимиздиң тарийхындағы ең уллы ҳ | 🌐 TO`RTKO`L_PRESS🇺🇿 (Rasmiy kanal)

Әзиз Ўатанласлар!

Сизлерди, елимиздиң тарийхындағы ең уллы ҳәм ең әзиз сәне Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллық байрамы менен Исбилерменлер ҳәрекети - Өзбекстан Либерал - демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жәмәәти, депутатларымыз, электоратымыз ўәкиллери болған исбилермен ҳәм фермерлер ҳәм көп мың санлы белсенди ағзаларымыз атынан шын кеўилден қутлықлайман.

Ғәрезсизлик жылларында уллы тарийхымыз, бай мийрасымыз, муқаддес динимиз, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз қайта тикленди. Әсиресе кейинги жыллары Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, қурылыслар, өзгерис ҳәм жаңаланыўлар, бәрше - бәршеси инсан қәдири ушын екенлигин күнделикли турмысымызда терең сезинбектемиз.


Бәршеңизди және бир мәрте елимиз Ғәрезсизлигиниӊ 31 жыллық байрамы менен қутлықлап, Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға аманлық, елимизди социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў, халқымыздың абадан турмысы жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймиз.


Казбек Артиков,
O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары - аппарат баслығы