Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Қызы каналы

Telegram kanalining logotibi tumaris_izinen — Қарақалпақ Қызы каналы Қ
Telegram kanalining logotibi tumaris_izinen — Қарақалпақ Қызы каналы
Kanal manzili: @tumaris_izinen
Toifalar: Telegram
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 324
Kanalning ta’rifi

Өмир көлге уқсайды,жузип, журип өтесең,
Дуня шөлге уқсайды,мийнет ислеп жетесең,
Алтыннан сарай қурсаңда, барибир таслап кетесең,
Сыйлассаң сен ,дослар менен,
Мақсетиңе жетесең!
You Tube канал : https://youtu.be/O-RZXnNgOXA

Ratings & Reviews

3.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar

2023-03-08 10:24:59

Байрам саўғасы

Ойларға қаншама талғаным менен,
Теңеўди айлардан алғаным менен,
Тәрийпке тил жетпес периште инсан,
Аналар бүгинги байрамың менен.

Алыстан асығып сағынып келген,
Төркинде қызбан деп малынып келген,
Жездемниң жақсысын асырып келген,
Апалар бүгинги байрамың менен.

Аға деп ийбеси меҳири басым,
Көрсетпес жыласа көзинде жасын,
Түскен жериңизге батқай тасларың,
Байрам қутлы болсын қарындасларым.

Тойларда қашанда ошақ басында,
Ерген етегине иним қасында,
Ағамның бахыты қонған басына,
Жеңгелер бүгинги байрамың менен.

Ҳәммениң де анасы бар жүректе,
Ҳәр бир ана перзент ушын тилекте,
Тапқың келсе өз балаңнан ҳүрметти,
Балаң көрсин өз анаңды ҳүрметле.


Жаңабай Анеттеев
Дильфуза Сейтимова

Каналға ағза болыў: @Tumaris_izinen
64 viewsҚарақалпақ қызы, 07:24
Ochish/sharhlash
2023-03-08 09:27:11 " Миллион әтиргуллер куте беремен "

Оқыған : Дильфуза Сейтимова

Досларымызға жиберемиз

@Tumaris_izinen
89 viewsҚарақалпақ қызы, 06:27
Ochish/sharhlash
2023-03-08 08:25:42
𝑸𝒊𝒛𝒍𝒂𝒓 𝒃𝒂𝒚𝒓𝒂𝒎𝒍𝒂𝒓𝒊𝒏̃𝒊𝒛 𝒃𝒆𝒏𝒆𝒏!

@Tumaris_izinen
116 viewsQadir Shernazarov, edited  05:25
Ochish/sharhlash
2023-03-08 07:00:19
#Bayram

Bárshe hayal - qızlarımızdı búgingi bayram menen qutlıqlayman


Húrmet penen : Diyarbek Madreimov

Telegram Instagram
109 viewsD_S_COM, 04:00
Ochish/sharhlash
2023-03-07 22:35:21
БАХЫТ САРАЙЫНДА САЛТАНАТ ҚУРҒАН,
ЖҮЗИ ҚУЯШ КИБИ ЖАЙНАҒАН НУРДАН,
ӘЛЕМГЕ ГӨЗЗАЛЛЫҚ ТАРАТЫП ТУРҒАН,
ӨМИР ЖАРАСЫҒЫ СИЗЛЕР ҲАЯЛЛАР!!!

Ҳүрметли ҳаял-қызлар!

Сизлерди 8-март байрамы менен шын-жүректен қутлықлайман.

Өмириңиз қуўанышлы күнлерге, бахытлы демлерге толы болсын!

@Tumaris_izinen
161 views𝔅𝖆𝖝𝖙𝖎𝑦𝖆𝖗 𝖀𝖙𝖊𝖌𝖊𝖓𝖔𝖛, edited  19:35
Ochish/sharhlash
2023-03-07 13:03:31
#Labaratpriya

Júregi boslar kórmesin
155 viewsD_S_COM, 10:03
Ochish/sharhlash
2023-03-07 05:14:50 Дуня 3 кун: кеше, бугин, ерте. Кешени жасап болдыныз, ертең не болыуы белгисиз, бугинди калай жумаклау сизин колынызда.

Хасан Басрий

@Tumaris_izinen
217 viewsҚарақалпақ қызы, edited  02:14
Ochish/sharhlash
2023-03-07 05:06:10 #қайырлы_таң

   Атқан таң шаңарағыңызға бахыт, үйиңизге берекет, кекселерге рәҳәт,  денеңизге саламатлық, қәлбиңизге қуўаныш-шадлық наўқаслар дәртине шыпа алып келсин....

@Tumaris_izinen
207 viewsҚарақалпақ қызы, 02:06
Ochish/sharhlash
2023-03-06 20:43:29 Сораў: Бараат түни қашан болады?

Жуўап: Динимизде қәсийетли саналатуғын түнлердиң бири – Бараат түни. Бул түнниң «Бараат» деп аталыўының өзи араб тилинен аўдарылғанда «тазарыў», «гүнадан пәклениў» деген мәнилерди билдиреди. Себеби, бул түнде Аллаҳ таала тәўбе қылған адамларды кеширеди деген.

   Бир күни Пайғамбарымыз алайҳиссалам: Айша анамыздан: – Бул түнде не болатуғынын билесең бе? – деп сорайды. Айша анамыз: – Аллаҳ ҳәм Оның елшиси жақсы биледи – деп жуўап береди.
   
Пайғамбарымыз: – Бул – Шаъбан айының он бесинши түни. Аллаҳ таала бул түни бенделерине мийрим менен қарайды, кеширим излеўшилерге кеширим береди, кеширим сораўшыларға Өзиниң мийримин төгеди. Бирақ, жүрегинде ашыў-ызасы бар адамларды мийриминен шетте қалдырады ҳәм олар зулымлықтан шетленбесе, оларды жарылқамайды да», – деди. (Имам Байҳақий рәўияты).

Еслетип өтемиз, бүгин Бараат түни, яғный март айының 6-нан 7-сине өтетуғын түнге сәйкес келип тур

@Tumaris_izinen
617 viewsҚарақалпақ қызы, 17:43
Ochish/sharhlash
2023-03-06 18:39:13 Умытпа, инсан дуняларга хаким болады, бирак хардайым кишкене гана кеуилге багынады.

Жалолиддин Румий

@Tumaris_izinen
211 viewsҚарақалпақ қызы, 15:39
Ochish/sharhlash