Get Mystery Box with random crypto!

ҲЕШ НӘРСЕНИ ҚАЙҒЫРМА! Усы биреўге өкпелеп, ишимизге кек са | Toqpaq_ata_uz

ҲЕШ НӘРСЕНИ ҚАЙҒЫРМА!

Усы биреўге өкпелеп, ишимизге кек сақлағаннан не таптық?
“Неге сөйте қоймайды?”, “Неге түсинбейди?”, “Неге айтқыза береди?”, “Неге мени ойламайды?”, “Неге араласады?..”
Неге?
Неге?

Питпейтуғын “неге"лер өмиримизде толып кеткен жоқ па?

Қәне, бир итибар берип қараң.
Кимге өкпелеп жүрипсиз?
Неге қапа болып жүрипсиз?

Өмирден әдалатсызлық көрдиң бе? Ямаса кимдур ҳақыңды жеп, зулым қылды ма?
Ҳәй, умытып жибер ҳәммесин!
Ҳеш ким ҳеш нәрсеге айыплы емес. Сен күтип жүрген нәрсени ойлап та көрмеген ямаса ойласа да қыла алмаған СОЛ БИР АДАМ айыплы емес. Еситтиңиз бе? Сен ойлағандай бола алмаған ол да, олардан соншелли көп жақсылық күткен сен де айыплы емессең.

Ҳеш ким ҳеш кимге миннетли емес. Тек...
Биз геўдесинде жудырықтай ЖҮРЕГИ БАР, сезими бар адам болғаннан соң бир-биримизге жақсылық қыламыз, биримизди биримиз излеп, қоллап, жарылқап, демеп жүремиз. Буннан бир жақсылық қайтыўын күтпеймиз.
Бир нәрсе анық: сол ҳадаллығымыз, сол бир пәк нийетимиз бир күни үлкен қуўаныш болып алдымыздан шығады. Бир күни жемисин береди. Сонлықтан ҳеш нәрсени қайғырма!



Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA