Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигинен жаңа басла | TEMUR SULTAMURATOV ᴘʀᴏ

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигинен жаңа баслама:
«Жаслар дәптери»ндеги жаслардың неке тойларында қарақалпақ эстрадасы қосықшылары жулдызлары бийпул хызмет көрсетеди.
Бәршемизге белгили, бүгинги күнде енди ғана бахыт босағасын атлап, шаңарақ қурып атырған жасларымыз той мереклеринде эстрада қосықшыларын шақырып, өзгеше тәкирарланбас заўықлы тәризде өткериўди нийет етеди.
Сонлықтан, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги эстрада қосықшылары усынысына тийкар «Жаслар дәптери»ндеги жаслар ушын эстрада қосықшыларының бийпул хызметин шөлкемлестириўши жаңа басламаны илгери сүрди.
Баслама жасларымызға көтериңки кейпият үлесип ғана қоймастан, той машқалаларында әпиўайы ҳәм заўықлы шешим болары сөзсиз-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри орынбасары Икрам Абдикаликов

@ikramerejepbaevich