Get Mystery Box with random crypto!

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

Telegram kanalining logotibi tariyxqa_nazer — ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР Т
Telegram kanalining logotibi tariyxqa_nazer — ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР
Kanal manzili: @tariyxqa_nazer
Toifalar: Kattalashtirilmagan
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.06K
Kanalning ta’rifi

Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!!
28.01.2023 жыл
саат 19:00 де
канал ашылды
Инстаграм канал
instagram.com/tariyxqa_nazer
Ютуб канал
https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413
Телеграм
@tariyqa_nazer

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar

2023-05-11 06:28:02
16 жылға судланған Қарақалпақстан Республикасы азаматы, және қарақалпақ арысланы Даулетмурат Тажимурaтов өз қызымен жүрген естелик видеосы.

Айтып кетийик Даулетмурат Тажимуратов Қарақалпақстан Республикасы атын сақлап қалған усы инсан болады.

Дерек: Интернет тармақларынан алынды.

@Tariyxqa_nazer
38 views03:28
Ochish/sharhlash
2023-05-10 22:23:11 #Излер_едим

Бириккенде еки арыс,
Айтар едик, әлхаббыз.
Журеги мисли жолбарыс,
Нағыз шерди излер едим.

Жолынан адасып қалған,
Мөхминлерге сәрдар болған.
Ғәрип-қәсерди қолтықлаған,
Мийримлини излер едим.

Қоянды өлтирер қамыс,
Жигитти өлтирер намыс.
Едиге менен Алпамыс,
Тирилсе мен излер едим .

Өткен Арасту, Афлатун,
Жаратып илимниң кәнтин.
Шешиу ушын пикири бәнтин,
Мен мағрифат излер едим.

Ақылы кәмил илими зор,
Билимли ел болмайды хор.
Бахыт ушын силтесе жол,
Орысиятты излер едим.

Хаққа әсилик әйлемеспен,
Дәнекерсиз жүйлемеспен.
Хасла жалған сөйлемеспен,
Дуурылық сөз сөйлер едим.

Бердимурат изле-изле,
Хақ жолыны тууры гөзле.
Көп ишинде жақсы сөзле,
Сөздиң парқын билер едим.
Бердақ шайыр.

@Tariyxqa_nazer
200 views19:23
Ochish/sharhlash
2023-05-10 22:18:45
Д.Тәжимуратов.
Бүгин 10-май күнги судтан үзинди

канал:
@J_Aneteev
160 views19:18
Ochish/sharhlash
2023-05-10 19:05:02 ҚУННАЗАР АҚСАҚАЛ КИМ БОЛҒАН?

X-бөлим


ҚОЙ ДЕП ҚОЙ ЕМЕС

"Қалай дегени менен шопанлық пиядаға жеткермейтуғын талап еди, мен оны сонша ел басқарған Қунназар ақсақалдың абройы менен алғанман, оның үстине табысы да жаман емес. Жылына он сегиз батпан жүўерини анаў-мынаў ғырыстай жигитлерин де таба бермийди, мен болса еле қарашадай баламан" Ерназар әскерликке кеткен. Қарап турсам хожалықты он бир он еки жасар мен асырап отырман.
Усы жуўапкершилик адамды есейтип жибереди екен. Ҳәзир аўылдағы ағайинлеримизде малды гезеклесип бағыў дәстүри бар. Қорасы толығрақ адамлар үш күн бағады, азырақлары еки күн, жалғыз саўын сыйырларға тақалғанлары бир күнди еплеп өткереди. Солардың кеште пададан келгенин көрсең еди, ешектен зорға сыпырылып түседи, аты барлары аттан, «Мал гезек жақынласты» дегеннен дизелери қалтырап қоя берди.
—Жигитлер-аў бағатуғыныңыз бир күн-еки күн, астыларыңызда көлигиңиз бар, өзлериңиз болса ғырыстай азаматларсыз, мен бир қелата елдиң малын қарашайымда бақтым-ғой,—десем.
—Әй, енди ақсақал, сизге қуда қуўат бергенди дә, —деп өзлерине жөм жолатпайды.
Ҳақыйқатында да қуда қуўат берген шығар. Қуп-қуртай баламан.
Аяғымда не дурыслы кийим бар, ақбас па, жантақ па, шеңгел ме—қарамастан басып кете беремен.
Өристе ким маған соқпақ салып берип қойыпты. Мал деген әзелден қырсық, жолсыз, жөнсиз, қашады. Мен оны бөлинип қалмай турып әкелип қосыўым керек. Набада бир мал келмий қалса, кеште қонақ жеримизге излеп барады.
—Шопан сизиң үйде ме? — деген даўысты еситсем бар ма— тамам — я малы келмеген, я қой жанлығының биреўи жоқ.
Әўлие екенсең, аўқатыңды парахат ишип көр. Мен аўылдағы адамларына «Қунназар ақсақал айтып еди» деп, ханның қара тулпарын әпсана етип бере алмайман. Бул маған сергек болсын деп айтылған гәп, ҳәзир адамларға сүйеги сипсе болып кеткен ханның қара тулпарынан өзиниң өристен келмий қалған туўшасы мың мәрте абзал.
Соның ушын да барқулла еки көзим малда, дем алып отырсам да, шай ишип отырсам да, көзимди айырмайман. Аўылдың малларын қой-жанлығына дейин айырмай таныйтығын болдым. Керек десең санап та, отырмайман. Бир қараған нәзеринде паданың түўел-түўел емеслиги билинеди.
Мине усы дәрежеге ерискеннен кейин мал бағыў онша қыйынға түспеди. Қала берди кейин ала екеў болдық, мен естек жаптың бойындағы қылмойын Қазаяқлы аўылдың малын бағаман. Бизлерден онша алыста болмаған боздағы аўылда да пада бар еди. Ол аўылдың малын Хожамурат деген суўпы бағады. Екеўмиздиң жайлаўымыз бир. Ол боздағы Қазаяқлыдан Естек жаптың көпиринен берман қарап шығады, мен, Естектиң бойынан батысқа қарап мал жаяман. Дәслепки ўақытлары «Қой жанлықларымыздың айырылыўы қыйын болады» деп бөлеклеп бағып жүрдик. Бирақ, кейин ала қосыўымызға туўра келеди. Себеби, қосып бақсақ екеўимизге де жеңил болады екен, оның үстине жағдайларымызда соны талап етти.
«Мал бағаман» деп оқыўды қойып кете алмадым. Түске дейин бақсам түстен кейин оқыўға барыўым керек. Ал, суўпыға болса түске дейинги ўақыт қәҳәт. Азанда ерте малды айдап жайлаўға алып келеди де:
—Ал, Айназар балам, бизиң малларға қосып қараңқырап тур, мен ийшаныма томар қопарып, түске-кешке ошаққа отын таярлап келейин, деп кетеди.
Түстен кейин бул тапсырманы мен тәкирарлайман.
—Хожамурат аға, бизиң малларға қараңқырап тур, мен оқыўға барып келейин, сабақ тарқаў менен шыбындай ушаман.
Кейин ала бир-биреўге тапсырыў емес, биротала қосып бағатуғын болдық.
Бул бағанағы айтқанымыздай, өзлеримизге жеңил түсти.
Түс жақынлаўдан малларды шийирип, шөпшек терип, қара қуманды отқа басып жиберемен. Қайнайман дегенше Хожамурат аға да келеди. Екеўмиз ысқа қайнаған шайды демлеп (ол ўақытлары отқа қайнаған шай дым мазалы болатуғын еди) кеше қонған үйимиздиң берип жиберген нан шөрегин белбеўимиздиң дәстүрхан етип жайып жиберемиз де терлеп тепшип ишип аламыз.
Дүздиң аты дүз. Гейде аш боламыз, гейде тоқ бара-бара қай күнлери түсликтиң көрениш болатуғынын билип те алдық.

(Айназар Қуўанназаров жети асырым китабынан 22-23-24 бетлер)

@Tariyxqa_nazer
255 viewsedited  16:05
Ochish/sharhlash
2023-05-10 11:50:57 Керек китапларыңызды усы каналдан излеп көриң!

https://t.me/kitapxana_2022

@Tariyxqa_nazer
317 viewsedited  08:50
Ochish/sharhlash
2023-05-09 22:06:24 #КҮТКЕНЛЕР_БАРМА

ҚУННАЗАР АҚСАҚАЛ КИМ БОЛҒАН?

X-бөлим


ҚОЙ ДЕП ҚОЙ ЕМЕС

"Қалай дегени менен шопанлық пиядаға жеткермейтуғын талап еди, мен оны сонша ел басқарған Қунназар ақсақалдың абройы менен алғанман, оның үстине табысы да жаман емес. Жылына он сегиз батпан жүўерини анаў-мынаў ғарғыстай жигитлерин де таба бермийди, мен болса еле қарашадай баламан"

(Айназар Қуўанназаров жети асырым китабынан үзинди)

@Tariyxqa_nazer
354 viewsedited  19:06
Ochish/sharhlash
2023-05-09 20:33:18 ҚАРАҚАЛПАҚ АТАМАСЫ ҚАЯҚТАН ПАЙДА БОЛҒАН?

II-бөлим

Тарийхый дереклерге қарағанда, Халифаттың уммавийлер династиясы (661-750) хызметиндеги хорасанлы әмир Қутайба ибн Муслим басшылығындағы ислам ләшкерлери тарийхтың 712-714-жылларында Аўғаныстан менен Пакистанның бир бөлегин, Ферғана алабы ҳәм Самарқанд әтирапын өзлерине бағындырады Арадан көп өтпей ески Марыдан жолға шыққан сол әскербасы қол астындағы ислам ләшкерлери Әмиўдәрьяны кешип өтеди, Бухара, соңынан-Таразды жаўлап алады, ол жерлерге өзлериниң найыпларын (орынбасарларын) тайынлайды.
Тил байлыққа «қара бөрикли», «қызыл бөрикли» ( қазақлардың дулат, суўан руўлары бабалары), «ала бөрикли» (қырғызлардың бабалары болыўы керек) атамаларының енисиўи де әйне усы заманлардан басланған. Бирақ, ҳәзирги реформаторлардай жоқарының тәртиби менен буйрық түринде емес, ал исендириў, үлги көрсетиў, алдын ала кадр таярлаў арқалы, онда да мәмлекетлик суўпышылық тәлийматы  (суфизм) шеңберинде асықпай әмелге асырған. Суфизмниң өзи ,баска дереклерге қараганда, көшпели халықлар турмысын исламластырыў барысында турмыслық зәрурликтен келип шыққан жаңа тәлиймат ҳәм олар туўралы алдымызда кеңирек тоқтап өтемиз.
 Енди, тарийхый поэмадағы «қара бөриклилер» (араллы қыпшақлар ҳәм қаңлылар) ҳәм «қызыл бөриклилер»ге «мурындық аталық» қылған Әнес ҳәм Мәлик исимли «екки киши»ге келсек, оларда аңызлық адамлар емес, ал әкели-балалы тарийхый тулғалар болып шықты. Ислам таныўшы москвалы алым, академик Г.Керимовтиң анықлаўынша, Малик ибн Анес (713-795) араблардың Медина қаласында туўылған ҳәм жасап өткен. Шәрият нызамларына тийкар салған ҳадис жыйнаў ислерине белсене қатнасып, ат шығарған. Шәрият нызам күшине кирместен алдыңғы заманларда юридикалық мәселелерди шешиўде қазылар ушын «Аль-Муватта» («Ҳәммеге түсиникли») қолланба китабын жазып шыққан. 
Солай етип, исламдағы төрт юридикалық мектептиң бири болған- маликийлер ағымына (мазҳабына) тийкар салған. Демек, жаўлап алынған еллериндеги түриклердиң «ғулпақ қойыў» дәстүрин басларына арнаўлы буйыртпа менен қой терисинен тигилген «қара бөрик» ҳәм «қызыл бөрик» пенен алмастырыў идеясы да усы кисиден шыққан. Бирақ, идея жоқарыда айтқанымыздай зорлық көрсетиў жолы менен емес, ал араллылардың тоғыз жасқа толған сайланды балаларын дин орайына әкетип, оқытыў, араб имласында саўат аштырыў, дүнья танымын исламый руҳта қәлиплестириў, ер жете келе информациялық түсиник жумысларын алып барыў ушын еллерине қайтарыў жоллары менен әмелге асырылған.
Басқаша айтқанда, тарийхый поэмадағы Разы ҳақ (Раззақ Баба)-араллы қыпшақлар ҳәм қаңлылар ишинен араблар елине барып тәлим алған, «ғулпақ қойыў» дәстуринен ўаз кешип, басына «қара бөрик» кийип қайтқан дәслепки «қаралфақ», қарақалпақлардан шыққан дәслепки мусылман ағартыўшысы болған. Усы жағдайға бола, Қубла Арал бойлары ислам дүньясы еллерине «қалфактың ели» аты менен кеңнен танымалы болып кеткен.Илимпазлардың ҳәр қыйлы тиллерде ҳәр қыйлы бағдарда тартысып киятырған лингвистикалық мәселесиниң төркининде де усы сюжетлик көринис жатқан қусайды.


Саҳра халқы көшип гезбек,
Кәнтли жерден ўатан дүзбек,
Қалпақтың уғлыдур өзбек,
Өзбек жекке болған екен.
Өзбек яшында үйленди,
Он бешинде уллы болды,
Аның атын Жийен қойды,
Жийен батыр болған екен.
Жийенге ҳақ нәзер салды

Бердақ өзиниң шежиресинде өзи беглик етсин беглигин жоғалтпасын деген мәниде ат койған.


@Tariyxqa_nazer
374 viewsedited  17:33
Ochish/sharhlash
2023-05-09 20:24:52 ҚАРАҚАЛПАҚ АТАМАСЫ ҚАЯҚТАН ПАЙДА БОЛҒАН?

I-бөлим

Шынында да, көпшиликти ойландырып киятырған сораў. Оны парсылар - «кулях сиях», түриклер-«қара папақлар», славянлар-«черные клобуки» (қара бөриклилер), Бердақ шайыр-«қара ғулпақ», классик жазыўшымыз Т.Қайыпбергенов- «матам қалпағы» сөзлеринен алынған деп үйретеди. Басқа да вариантлары аз емес . Бирақ, айланып келгенде түби бир, адам кийетуғын бас кийимге келип тақалатуғын түсиник.
 Солай болса да, орталық түсиник- ҳәзирше совет илимпазларының Бухара ханлығы архив ҳүжжетлеринен табылған дерекке сүйене отырып, қарақалпақлардың ҳәзирги аты менен тарийх саҳнасына шыға баслаўы 1598-жылдан, Сырдәрьяның орта ағысынан басланған деген илимий жуўмақ әтирапында жәмленген. Бирақ, қарақалпақлардың ел сыпатында дүньяға таныла баслаўы орта әсирлердеги парсы шайыры ҳәм ойшылы Әбдирахман Жәмийдиң (1414-92) бир қатар поэзиялық шығармаларынан, византиялы император Жетинши Константин Багрянородныйдың (905-959) «Империяны басқарыў туўралы» мийнетинен мәлим болыўынша, бул түсиниктен әлле қалай бурынғы заманларда пайда болган екен. Оның үстине, классик шайырымыздың тарийхый поэмасына мәни берилип оқылса, атаманың елди исламластырыў заманларында пайда болған түсиник екенин аңғарыў қыйын емес ҳәм бул жаңа түсиник халқымыздың өмир жасын және де тогыз әсирге созыўға мүмкиншилик береди. 

Көриңлер халықтың шежиресин,
Есит шежирениң мәнисин,
Бәршениң ата-бабасын,
Айтып баян қылған екен:
Әнес, Мәлик екки киси,
Пайғамбардың саҳабасы,
Әнес – қазақтың бабасы,
Шундын "алаш" болған екен.
Мәликтиң уғлы – Разыҳақ
Яшлығында қойды ғулпақ,
Кийген екен қара қалпақ,
Шундын "қалпақ" болған екен.
Саҳра халқы көшип гезбек,
Кәнтли жерден ўатан дүзбек,
Қалпақтың уғлыдур өзбек,
Өзбек жекке болған екен.
Өзбек яшында үйленди,
Он бешинде уллы болды,
Аның атын Жийен қойды,
Жийен батыр болған екен.
Жийенге ҳақ нәзер салды

     Бердақ. «Шежире».5,6.      

Туўры, бул шайыр бабамыздың ҳәзирги кәсиплеслери сыяқлы ядтан тоқыған фантазиясы емес.Ал, заманының оқымыслы уламаларынан алған ҳәм сол заманның адамларына ортақ түсиник болыўы керек. Демек, «қарақалпақ» атамасы елди исламластырыў барысында усы түсиниклер негизинде пайда болған, ислам тарийхына усы тәқилетте енген, ал қалған атамалар болса усы ислердиң логикалық даўамы ғана. Тилекке қарсы, Араб Халифатлығы (661-1258) архивлерине кириў мүмкиншилиги болмағанлықтан, оны шайыр бабамыздан қалған мәдений мийрас негизинде шамалап түсиниўге ҳәрекет қыламыз.
Халқымызда ерте заманлардан қалған бир гәп бар. «Қәйткенде де, жердиң ийеси- қыпшақлар» деген. Шынында да, қыпшақлар, соның ишинде қанлыларда жеримиздиң әййем заманлардан берли отырықшы халқы , хөжейинлери. Шежиремиздеги басқа руўлар (қытай, қоңырат, маңғыт, кенегес, мүйтен) олардың қатарына соңғы заманларда сырттан келип қосылған қәўимлер.
 Мәселен, әййемги қыпшақлар түсинигине Волга ҳәм Едил дәрьялары бойларындағы татар, башқуртлардан тартып, қазақ, қарақалпақ, таўлы алтай, шор, енисей қырғызлары, тува, яқут халықларының түп-бабалары тутасы менен киреди. Ал, қаңлылар болса, буннан кеминде еки мың жыл арыда қытай жылнамаларына, ҳиндлердиң «Махабхарата» дәстанына- уллы юэчжилер (шығыс түркистанлы қаңлылар), қангуйлер (ферғана алабы қаңлылары) ҳәм янцайлар (араллы қанлылар) атлары менен кирген. Мине, усы халықлардың бир бөлеги болған әййемги жерлеслеримиз исламға дейинги тарийхында Ахаманийлер династиясы, грек-бактриясы ҳәм олардың мийрасхорлары,гуннлар империясы,Түрик Қағанаты заманларын басларынан кеширген.
  Ели бирдиң-тәғдири, салт-дәстүри бир болары анық.Солай екен,сол заманлардағы түрик-моңғол тиллес халықлардың тас төбеден кең жаўырынға ғулпақ жиберип қойыў дәстури-араллы қыпшақлар ҳәм қанлыларға да ортақ болыўы тәбийғый.Себеби, ғулпақ қойыў-жас әўладты жаўынгерлик руҳта тәрбиялаўда тәрбиялық әҳмийетке ийе дәстур.Сол себепли,ата-аналар жаслайынан улларына айдар, қызларының шекелерине салбыратып,тулымшақ қойдырып өсирген.
Бердақ шайырдың поэмасынан пәмлениўинше, араб басқыншыларына унамай қалған түркий жасаў тәризлеринен бири де, усы-ғулпақ қойыў дәстури болған көринеди.


@Tariyxqa_nazer
312 viewsedited  17:24
Ochish/sharhlash
2023-05-09 16:40:31 "СУЛАЙМАН ҲАДДАДИЙ МУСЕВИЙ



Жазба дәреклерде, қубла Арал бойында, орта әсирлерде өткен белгили шейхәўлийелер қатарында Сулайман Ҳададий Мусевийдиң болғанлығы мәлим. Мәселен XIV әсирлердеги Гургандж ҳәкими Қутлық Тимурдың 1349-жылы жазылған вакуфнамасында төмендегилерди көремиз. Ол пайғамбарлар әўлады, сейит, шейхлар шейхы Сулайман Ҳададий Мусевийге иззет ҳәм ҳүрмет ретинде белгили әўлийе Миздақхан төбелигинде ақ ханака салдырган, Миздақханнан (Хожели) Бағдатқа (Қараөзек) шекемги жерлерди, Тулии-Ятқанды ҳәм тағы да үш каналды шейхтың атына ўақым жер етип берген. Қутлық Тимур жоқарыдағыларға қосымша Хийўадағы Вари аўылында үлкен ханака салдырады ҳәм оның дөгерегиндеги жерлерди ўақым жер етип қосып береди.


СУЛАЙМАН ҲАДДАДИЙ МУСЕВИЙ МАҚБАРАСЫ

Бул ўақым жерлер ҳаққында Қутлық Тимур дәўиринде дүзилген ҳүжжетлердиң XVII әсирдиң орталарында тағы гәп болғаны тарийхый дереклерден белгили. Ҳижраның 1070 (1659 -1660)-жылы Сулайман Ҳададийдиң әўладларының бири, сол ўақыттағы патша Абдулғазы Баҳадурханнан, ўақым жерлерди қайтарып алыў ҳаққында талап еткен. Абдулғазы оны анықлаў ушын Қутлық Тимурдың 1349-жылы берген "вакуфнамасын" тексерип көрген ҳәм оны көширип алыўды молла Тахир ибн молла Ашық Хивакийге тапсырған.

Араблардың дәслепки найыбы Миздақханда (Хожелиде) отырғызылып, кейин ала ол Гурганжге (Гөне Үргениш) өтеди. Олар Орта Азия халықларының экономикасына ҳәм мәдениятына орны толмас дәрежеде зыян келтиреди. Көплеген қалалар, архитектуралық қурылыслар бүлдириледи. Саўда жоллары бойларында жайласқан Қыят (Беруний), Қабат қала (Елликқала), Миздақхан (Хожели) сыяқлы қалалар қарабаханаларға айландырылады. Халықаралық саўда үзилиске түсириледи. Ески Хорезм жазыўын билген саўатлы адамлар, илимпазлар жоқ етилип, сабақлықлар менен илимий китаплар, әдебиятлар менен шежирелер өртеп жибериледи. Әлбетте өз тәлийматларын ийелеген жерлерине ендириў бойынша алып барған араблардың дәслепки ҳәрекетлери бирден өз нәтийжелерин бере қоймады. Жаңа тәлийматты тил ушында қабыл еткен отырықшы халық өзлериниң бурынғы руўхый ҳәм мәдений үрп-әдетлерин, дәстүрлерин турмыста пайдаланыўды даўам еттире береди. Бул жағдай тарийхшы алымлардың анықлаўы бойынша 780-жылғы Муканна көтерилисиниң жеңилисине шекем даўам еткен. Солай етип, VII әсирдиң ақыры IX әсирдиң басларында Орта Азия халықлары ең қыйын дәўирден тарийхтың жаңа басқышына өтеди.""Усы дәўирдеги қубла Арал бойы, Хорезм мәмлекетиндеги жағдайға келетуғын болсақ, өтиў дәўири бираз шубалаңқылыққа түсти. Араблар орынлардағы жергиликли династияларды биротала жоқ етип жиберместен, ал олардың қапталларына өзлериниң найыпларын отырғызған еди. Соның салдарынан Гурганждағы араб найыбы менен Қыятта отырған хорезмшаҳлар династиясы ўәкиллери арасында, ўақты-ўақты келиспеўшилик, урысқағыслар болып турды. 995-жылы Гурганж патшасы Абдул Аббас Мамун Ибн Муҳаммад арқа ҳәм қубла болып бөлинип басқарылып турған еки халықты бириктиреди ҳәм оған Хорезмшаҳ атағы бериледи. Солай етип, үш жүз жылға шамалас ески ҳәм жаңа тәлиймат арасында болған өз-ара гүрес шегине жетип, қубла Арал бойында ислам дини толық орнайды. Мамун ҳәм оның баласы Әлий (997-999) дәўирлеринде Хорезм ғәрезсиз қудиретли мәмлекетке айланады. Әлий Мамунның иниси дәўиринде (999-1017) Хорезм тек сиясий ҳәм әскерий жақтан раўажланып қоймай, үлкенмәдений орайға айланды. Үргеништиң көрки болған Мамун академиясы салынып, оған сол дәўирдиң илими ҳәм көркем өнериниң ағлалары Ибн-Сино ҳәм ал-Берунийлер жыйналды. Бул алымлар Қыят, Жампық қала, Миздақхан, Гурганж қалаларында болып, өлмес мийнетлерин дөретти. Мәселен Әбиў Райхан Беруний мийнетлери Шығыс ҳәм Европа еллери математикасына тийкар болды. Астрономия ҳәм математика бойынша трактатлары оның данышпанлығын ҳәм билиминиң кеңлигин билдирип қоймәй, Қубла Арал бойы, улыўма Орайлық Азия илиминиң жоқары дәрежеде раўажланғанлығын көрсетеди."


Автор: Данияр Беласаров

@Tariyxqa_nazer
302 viewsedited  13:40
Ochish/sharhlash
2023-05-09 16:40:00
287 views13:40
Ochish/sharhlash