2022-01-27 20:58:42
Salamat (кириллше вариант төменде)
Salamat haqqında Ózbekistan televideniesi kanallarınıń birinde kórsetiw tayarlaǵan eken, hámmege kóriwdi másláhát etken bolar edim. Salamat penen 2018-jılı Aziz ekewimiz TATU Nókis filialında bir qısqa seminar ótkende tanısıp, azmas sóylesken edik.
Onnan berli arasında messenjer ya social tarmaqlar arqalı jazısıp turamız. Salamattı men júdá háreketsheń, talapshań jigit dep bilemen, óziniń aldına qandaydir bir maqset qoyǵan bolsa soǵan erisiwge barlıq kúshi menen háreket etedi. Bul jerde birewler aytıwı múmkin, aldına maqset qoyıp, soǵan erisiw hám jetiskenlikpe dep.
Álbette bul jetiskenlik, meniń baqlawım boyınsha bizde bunday adamlar azshılıq. Geybir adamlar hátte aldına maqset qoyıwdıda bilmeydi, oǵan jetisiw bir jaqta tursın. Salamat bolsa qanday qıyınshılıqlar hám sheklewler bolmasın, barlıǵın jeńip ótip, óziniń qızıqqan tarawı - IT tarawınıń jaqsı mamanına aylandı hám kóplegen jetiskenliklerge eristi. Sol ushın, Salamattı kópshilik adamlarǵa órnek retinde kórsetiwge arzıytuǵın insan dep bilemen.
Salamattan óziniń ústinde islewdi toqtatpay (isenemen, bunı ózi jaqsı biledi), elede kóplegen jetiskenlikleri menen bizlerdi quwantıwdı dawam etedi dep úmit etemiz.
Alǵa Salamat!
------------------------------------------------------
Саламат
Саламат ҳаққында Өзбекистан телевидениеси каналларының биринде көрсетиў таярлаған екен, ҳәммеге көриўди мәсләҳәт еткен болар едим. Саламат пенен 2018-жылы Азиз екеўимиз ТАТУ Нөкис филиалында бир қысқа семинар өткенде танысып, азмас сөйлескен едик.
Оннан берли арасында мессенжер я социал тармақлар арқалы жазысып турамыз. Саламатты мен жүдә ҳәрекетшең, талапшаң жигит деп билемен, өзиниң алдына қандайдир бир мақсет қойған болса соған ерисиўге барлық күши менен ҳәрекет етеди. Бул жерде биреўлер айтыўы мүмкин, алдына мақсет қойып, соған ерисиў ҳәм жетискенликпе деп.
Әлбетте бул жетискенлик, мениң бақлаўым бойынша бизде бундай адамлар азшылық. Гейбир адамлар ҳәтте алдына мақсет қойыўдыда билмейди, оған жетисиў бир жақта турсын. Саламат болса қандай қыйыншылықлар ҳәм шеклеўлер болмасын, барлығын жеңип өтип, өзиниң қызыққан тараўы - IT тараўының жақсы маманына айланды ҳәм көплеген жетискенликлерге еристи. Сол ушын, Саламатты көпшилик адамларға өрнек ретинде көрсетиўге арзыйтуғын инсан деп билемен.
Саламаттан өзиниң үстинде ислеўди тоқтатпай (исенемен, буны өзи жақсы биледи), еледе көплеген жетискенликлери менен бизлерди қуўантыўды даўам етеди деп үмит етемиз.
Алға Саламат!
Atabek Murtazaev
1.1K views., 17:58