Get Mystery Box with random crypto!

Барлық абитуриентлер дыққатына! Бүгин 20-июнь күни 2022/2023- | Көнши МПЖ жаслары

Барлық абитуриентлер дыққатына!

Бүгин 20-июнь күни 2022/2023-оқыў жылы ушын ЖООлардың бакалавриат тәлим жөнелислерине абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланады.

Бунда абитуриентлер телефон номерин авторизациядан өткерип, паспорт мағлыўматлары, турақлы жасаў мәнзили ҳәм тамамлаған тәлим шөлкеми бойынша мағлыўматларды киргизиўи, сол менен бирге жеңилликлери бар болса оларды тексериўлери ҳәмде шет тилинен миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болса, сертификат мағлыўматларын киргизиўи мүмкин.

Тәлим жөнелислери болса 2022/2023-оқыў жылы ушын қабыллаў параметрлериниң тәлим тиллери бойынша бөлистирилиўи тастыйқланғаннан кейин таңлаў мүмкин болады.

абитуриентлерди дизимге алыў Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайты ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы онлайн әмелге асырылады.

Дизимнен өтиў 20-июлға шекем (20-июль күни де) даўам етеди ҳәм абитуриентлер 20-июлға шекем өз мағлыўматларын өзгертиўи ҳәмде шет тилинен миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болатуғын болса сертификат мағлыўматларын киргизиўи мүмкин болады.

Шет тилинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилетуғын бакалавриат тәлиим бағдарларына онлайн дизимге алыў 10-июлға шекем (10-июль күни де) әмелге асырылады.

Каналымызға ағза болың
https://t.me/shimbaykonshi11MPJ