Get Mystery Box with random crypto!

Шахстың уятсыз фото ҳәм видеоларын тарқатыў жуўапкершиликке се | SAMARQAND24

Шахстың уятсыз фото ҳәм видеоларын тарқатыў жуўапкершиликке себеп болады

Соңғы ўақытлары ҒХҚ арқалы шахсларға тийисли болған уятсыз фото ҳәм видеоларды тарқатыў арқалы оларды абыройсызландырыў жағдайлары ушыраспақта.

Енди усындай жағдайларға шек қойыўды тәмийинлеў мақсетинде Жынаят кодексине «Шахстың қәдир-қымбатын кемситиўши ҳәм инсан өмириниң сыр тутылатуғын тәреплерин сәўлелендириўши мағлыўматларды жәриялаў» деп аталған жаңа 141-3-статья киргизилди.

Жаңа статьяға бола, шахс денесиниң ҳәм (ямаса) жынысый ағзаларының жалаңаш ҳалдағы фото ҳәм (ямаса) видеосын өз ишине алған информацияны оның разылығысыз тарқатыў ямаса тарқатыў менен қорқытыў 120 млн сум жәриймадан 3 жыллық қамақ жазасына шекем болған жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин.

➥ Қуйидаги линкни босинг ва каналимизга қўшилинг
https://t.me/+GJwm_xrWKCoxYTMy