Get Mystery Box with random crypto!

Рәсмий мағлыўмат Социаллық тармақларда Өзбекстан Қахарманы Ал | QARAQALPAQSTAN KADASTR


Рәсмий мағлыўмат

Социаллық тармақларда Өзбекстан Қахарманы Алланияз Өтениязов тәрепинен Нөкис қаласы аймағында жаратылған бағда өзбасымшалық пенен қурылыс жумыслары алып барылып атырғанлығы ҳаққында жәрияланған мүрәжат бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси төмендегилерди мәлим етеди.

Өзбекстан Қахарманы Алланияз Өтениязов тәрепинен жаратылған бағда өзбасымшалық пенен алып барылып атырған қурылыс жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен жеке қадағалаўға алынып, бул бойынша жуўапкерлерге тийисли тәртипте үйренип шығыў бойынша қатаң тапсырма берилди.

Соныда айрықша атап өтиў орынлы бул бағды саўалландырыў жумысларын шөлкемлестириў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының қадағалаўында.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes